Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Б.Отемуратов АҚШтың Ташкенттеги елшиханасы ҳәм Америка кеңеси ўәкиллери Уильям О’Роарк ҳәм Ш.Суяроваларды қабыллады.

Ушырасыў даўамында Америка кеңеси жанындағы «Programma Uzbekistan Business Leaders» жойбары арқалы институтта өз исбилерменлик жумысларын баслап атырған жаслар ушын АҚШқа қысқа мүддетли стажировка шөлкемлестириў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, институтты аймақтағы илимий базаға айландырыў, оның имканиятларынан барлық пуқаралар пайдаланыў имканиятын жаратыў мақсетинде биргеликте «American Corner» заманагөй мәлимлеме-ресурс орайын ашыў бойынша тәреплердиң усыныслары тыңланды.

Ушырасыў даўамында Уильям О’Роарк институттың АҚШтағы жетекши жоқары оқыў орынлары менен байланысларын жолға қойыў бойынша әмелий усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, институт ректоры Россия Илимлер Академиясы Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы Этнология ҳәм антропология институты ўәкили Егор Китов пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда институттың тарийх факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен быйылғы жылдың апрель-май айларында Үлкен Қырық қыз қала археологиялық комплексинде қазыў жумысларын даўам еттириў мәселеси додаланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Россия Илимлер Академиясы Н.Н.Миклухо-Маклай атындағы Этнология ҳәм антропология институты менен 2018-2023-жылларда археологиялық қазыў жумысларын биргеликте алып барыў бойынша шәртнама дүзген болып, усы тийкарда Үлкен Қырық қыз қала археологиялық комплексинде өткен жылдан баслап үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Өткен жылдағы жумыслардың нәтийжелерине муўапық, студентлер тәрепинен б.э.ш. III-IV әсирлерге тийисли болған гүзе ҳәм басқа да буйымлар, соның ишинде, дийўалға сызылған көк реңдеги сүўреттиң табылғаны үлкен әҳмийетке ийе болғанлығы ҳаққында хабар берген едик.

Ушырасыўда Егор Китов басшылығында қазыў жумысларына дүньяға белгили египтолог ҳәм бронза дәўирин изертлеген илимпазлардың да қатнасатуғынлығы ҳаққында айтып өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.