USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЕКИ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ УНАМЛЫ НӘТИЙЖЕ БЕРЕДИ

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Сиз ҳәмийше қәдирленесиз» жойбары шеңберинде жаслар менен нураныйлардың ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Илажда усы тараўда узақ жыллар даўамында мийнет еткен, тараўдың раўажланыўында салмақлы үлес қосқан нураныйлар К.Аллашева, У.Дүйсенова ҳәм басқалар қатнасып, өзлериниң мийнет жолы, ис-тәжирийбелери менен ортақласты.

– Бул тараўда өзимниң мийнет жолымды 1977-жылдан басладым. Шаңарақ, жумыс, перзент тәрбиясы, булардың барлығын биргеликте алып бардым. Халықтың ҳуқықый мәдениятын, билимлерин арттырыў бойынша көплеген жумысларды шөлкемлестирдик. Мийнетлерим мүнәсип баҳаланып, «Жасорат» медалы, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген юрист» ҳүрметли атақлары менен сыйлықландым,-дейди нураний устаз Клара апа Аллашева.  – Шөлкемлестирилип атырған бундай еки әўлад ушырасыўлары өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғынлығы анық.

Ушырасыўда жасларға Қарақалпақстан Республикасы  Әдиллик министрлигине жумысқа алыў тәртиби бойынша да мағлыўматлар берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.