ӨзЛиДеПтиң жас белсендилериниң бири Атабек Бердибаев Кегейли районында жаңа “Lepos scholl”  оқыў орайын ашты.

Орайдың ашылыў мәресиминде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы С.Мәмбетниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жаслар ушын жаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм шараятларды, усы имканиятлардан утымлы пайдаланып атырған жасларды мақтаныш пенен атап өтти.

Атап өтилгениндей, партия жанындағы «Жаслар қанаты» бөлими тәрепинен ең белсенди, талапшаң жаслар менен турақлы түрде ислесиўге, олар арасынан исбилерменлик пенен шуғылланыўға интасы бар жасларды дурыс бағдарлаўға, белсендилигин арттырыўға ҳәм жақсы басламаларын қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

А.Бердибаев та усындай жаслардың бири. Орайды ашыўдан тийкарғы мақсет те, жасларға шет тиллерин үйретиў, соның менен бирге олардың анық пәнлерге болған қызығыўшылығын арттырыў болып есапланады.

– Ҳәзирги ўақытта оқыў орайында 90 оқыўшы дизимнен өтти. Бул еле басланыўы. Оқыў орайын және де кеңейтиў мақсетинде орайдың екинши филиалын ашыўды режелестирип атырман,-дейди А.Бердибаев.

Бул сыяқлы оқыў орайларының көбейиўи жаслардың билим дәрежесиниң және де беккемлениўине жәрдем береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.