Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық Ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзин тыңланғаннан кейинги ойлар

«Аналарымыздың шарапаты менен Ўатанымыз топырағы жәннет бағларындай гөззал ҳәм әзиз болып есапланады. Аналардың дуўасы менен елимиз тыныш, аспанымыз ашық, жумысымызда өним, турмысымызда берекет бар».

Ҳүрметли Президентимиздиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде меҳир-муҳаббат пенен атап өтилген бул сөзлер кеўлимизди таўдай көтерип, дәрьядай тастырып жиберди. Мәмлекетимиз басшысының мазмунлы, меҳир ҳәм итибар менен мәмлекетимиздиң даңқы болған аналардың қәдир-қымбатын және де көклерге көтерген сөзинен бойымыз тик, көзимиз рәўшан, ақылымыз тынық, ертеңги күнге, перзентлеримиздиң камалына болған исенимимиз болса және де артты.

Қуўанышлы кеўилге усындай қосық қатарлары қуйылды:

Мен Анаман, ул-қыз перзентимдемен,

Бүл гөззал әййямда Ташкенти – әзимдемен.

Қарыздарман халық исеними, меҳрине мен,

Президентим, ҳүр Ўатаным бизге берген

– Иззет-ҳүрмет, қәдир-қымбат, шын бахыт ушын,

Басым жерге тийгенинше тәжимдемен.

Қосық қатарларына қосылып көзлерге бахыт ҳәм қуўаныш көз жаслары да қуйылады. Гөззал байрам – ҳаял-қызлар байрамына көтериңкилик бағышлап барлық ҳаял-қызлардың кеўлинде де усындай бәҳәрий сезимлер, арзыў-әрманлар, бахтыярлық сезилди.

Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзин тыңлар екенбиз елимизде соңғы үш жылда ҳаял-қызларымыздың жәмийетлик-сиясий турмыстағы орны артқанлығын, олар өзлери мийнет етип атырған барлық тараўлардағы реформалардың нәтийжелилигине байланыслы болып атырғанлығын, оны өзлери ушын мақтаныш деп билип атырғанын тереңирек сездик. Оны санлар айтты, барлық тараўлардағы реформалардың нәтийжеси дәлийлледи. Байрам дастүрханы әтирапында жыйналған және гөззал болып байрамға келген – Сенаторлар, Депутатлар, илим ғайраткерлери, көркем өнеримиз жулдызлары, шыпакер, муғаллим, экономист, қурылысшы, инженер, исбилермен ҳаял-қызлардың исенимге толы көзлери тастыйықлады.

Президентимиз «Мәмлекетимиз парламенти ҳаял депутлар саны бойынша дүнья жүзиндеги 190 миллий парламент арасында 37-орынға көтерилди. Усыған итибар бериўиңизди сорайман – буннан 5 жыл алдын биз бул бағдарда 128-орында едик» деп айтқанларында кеўиллеримиз, әрманларымыз дүньялар бойлап теңлести.

Мен Қарақалпақстанымызды көз алдымызға келтирдим. Байрам салтанатларында тиккелей қатнасып атырған, үлкен экран алдында мәмлекетимиз басшысының кеўиллерге көтериңки кейпият бағышлайтуғын сөзин үлкен итибар ҳәм дыққат пенен тыңлап атырған қарақалпақстанлы ҳаял-қызларды ойладым.

Қарақалпақстанда да жергиликли кеңеслерге 160 ҳаял-қызларымыз депутат болып сайланды. Олардың саны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 20 ны қурайды. 2 ҳаял-қыз Олий Мажлис Сенатының ағзасы, 3 ҳаял-қызымыз болса Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Арал теңизи апатшылығы машқалалары сапластырылып атырғаны, қайтып кеткен Арал теңизи орнында жаңадан өмир барқ урып, жасыл тоғайзарлар жаратылып атырғаны, әййемги қарақалпақ халқының Арал теңизи жағаларында жаратқан, езиўшилик жылларында апатшылыққа бет бурған Мойнақтың жаңадан, қайта қурылғаны, заманагөй миллий жойбарларда бой тиклеген имарат ҳәм объектлер, социаллық турмыстың барлық тараўлары ушын хызмет етип атырған саўлатлы сарайлардың бой тиклеп турғаны бахыттан жайнап-жаснап, перзентлериниң бахтынан қуўанып жасап атырған Мойнақлы аналар, үлкен турмысқа енди қәдем таслап, өзлерине жаңа мақсетлер жолын ашып атырған Қарақалпақстанның шаққан қызлары Президентимиздиң меҳир-итибарынан кеўиллери тасқан. Олар бахытлы келешегине оғада исенеди.

Әсиресе, олар мәмлекетимиз басшысының 8-март байрамы салтанатлы мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өткен «Әлбетте, жас қызларымызды қәстерлеп сақлаў, оларға дурыс тәрбия бериў, еркин турмысқа таярлаў, халқымызға мүнәсип перзентлер етип камалға келтириў ушын мәмлекет ҳәм жәмийет өз мойнындағы барлық жумысларды орынлайды. Бирақ бул оғада әҳмийетли ўазыйпаны орынлаўда шаңарақтың, меҳрибан апаларымыз, гөззал аналарымыз, мәҳәлледеги кәйўаны ҳаяллардың орнын ҳәм тәсирин ҳеш ким баса алмайды.

Әлбетте, биз аналар, Президентимиз бизлерге исенип, тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берип атырған екен, әлбетте қызларымызды турмысқа таярлаўда, оларды ийбели, шаққан, сабыр-тақатлы, билимли, мийримли ҳәм итибарлы болып тәрбия алыўы ушын исленип атырған барлық жумысларда мәмлекетимиз басшысына қолқанат боламыз.

Елимизде ҳаял-қызларға берилип атырған итибардың артыўы реформалардың нәтийжесинде көринбекте. Бүгинги күнде ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў және де үлкен әҳмийет ийе болмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў дәўир талабына айланбақта.

Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлардың барлық тараўлардағы жемисли мийнети, әсиресе, перзентлердиң тәрбиясы, шаңарақ турмысындағы үлкен хызметлерин ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды.

Ҳақыйқатында да, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 46-статьясында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер тең ҳуқықлы екени беккемленип қойылды. 1995-жыл 6-майда мәмлекетимиз 1979-жыл 18-декабрьде Нью-Йоркта қабыл етилген Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы, 1997-жыл 30-августта Ҳаял-қызлардың сиясий ҳуқықлары ҳаққындағы, бир қыйлы баҳаға ийе болған мийнет ушын ерлер ҳәм ҳаял-қызларды тең хошаметлеў ҳаққындағы конвециялар қосылды.

Өткен еки жылда халықаралық стандартлардың талаплары шеңберинде ҳаял-қызлардың жағдайын түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы 15 тен аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке қол қойылған ҳәм орынлаўға қаратылған. Атап айтқанда, 2019-жыл 2-сентябрьде «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлардың кепилликлери ҳаққында», «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди. Айрықша гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссия дүзилип, ол ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы жумыслардың жағдайы ҳаққында ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине мәлимлеме усынатуғыны белгилеп қойылды.

«Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды әмелге асырыў ўақтында тең ҳуқықлықты, мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда, сайлаў процесинде тең қатнасыўды кепиллейтуғыны беккемлеп қойылды.

Ҳаял-қызларымызға үлкен исеним билдирип ҳәким етип тайынланбақта.

Ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги, шаңарақтағы орнын беккемлеў ушын перзентлердиң балалар бақшаларында тәрбияланыўына кеңнен имканиятлар жаратылмақта. Президентимиздиң атап өткениндей: «Бақша тәрбиясы тек ғана баланың өзине емес, ал оның ата-анасына да, қалаберсе, пүткил жәмийетлик турмысқа да күшли унамлы тәсир көрсетеди. Баласы бақшада, мүнәсип шараятта тәрбияланып атырғанын көрген ҳаял адам, әлбетте, қәтиржәм кейпиятта, шүкиршилик пенен жасайды».

Президентимиз қызлардың оқымыслы болыўы, жоқары оқыў орынларында билим алыўына да үлкен итибар менен қарап атыр. Қызларымыздың жоқары оқыў орнына кирип, оқыўы ушын айрықша жеңилликлердиң жаратылыўы ҳаққындағы көрсетпелери пикиримизди айқын дәлийллейди. Усы жерде Президентимиздиң және бир әҳмийетли мәселе ҳаққында алдымызға қойып атырған тийкарғы ўазыйпалары яғный кәмбағаллықты қысқартыў ушын биринши гезекте жумыссызлықты азайтыў керек. Бәринен бурын, халықты заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў, олардың экономикалық ҳәм финанслық билимин арттырыў, адамларда, әсиресе ҳаял-қызларымызда исбилерменликке қызығыўшылығын оятыў зәрүр екенлиги де қызларымыздың билим алыў, оқымыслы болыўына шараятлар жаратылып  берилиўине исленип атырған итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси болып есапланады.

Сондай-ақ, халқымыздың әзелий қәдириятларының бир көриниси кеширимлилик – Президентимиздиң билип-билмей жынаят көшесине кирип қалғанларды, әсиресе, ҳаял-қызларды әпиў етип, қарарлар қабыл етиўи миллетимизге тән кеңпейилликтиң бир үлгиси болып есапланады. Әсиресе усы көтериңкили байрам күнлеринде Мәмлекетимиз басшысы еркинен айрылып, жазаны өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болып дүзелиў жолына исенимли өткен 83 ҳаял-қызларды әпиў етиў ҳаққында қарар қабыл етти.

Мине усындай қуўанышлы күнлерде олардың өз шаңарақларының қушағына қайтып келиўинде үлкен мәнис бар. Олар бәринен бурын ана! Аналық ўазыйпасы – ең абырайлы жумыс болып есапланады. Мәмлекетимизде бул бағдарда алып барылып атырған реформалар бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте. Жаңа система – Мәҳәлле ҳәм шаңарақ институты мәселелери министрлигиниң өз жумысын баслап атырғанын, 22-марттың «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» деп белгиленгенлиги – пуқаралар жасап атырған, олардың қуўанышы да, дәрти де бир болып кеткен мәҳәлледеги дослық орталық, өз-ара бирадарлыққа, биргеликте бахытлы өмирге жол ашады, адамлардың кейпиятын көтереди.

Быйылғы байрам мине усындай хош кейпият ҳәм жаңа үмит ҳәм мақсетлердиң айдын жолларын ашып берди. Мәмлекетимиз басшысының 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен елимизде әзиз ҳәм қәдирдан ҳаялға мүнәсип ҳүрмет көрсетиў, апа-сиңлилеримиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орны ҳәм абырайын арттырыў, елимиздиң экономикалық күши ҳәм жәҳән көлеминдеги статусын арттырыў бағдарындағы үлкен хызметлерин мүнәсип қәдирлеў мақсетинде ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты беккемлеў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў, перзентлеримизди Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында, саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў жумысларына қосқан үлкен үлеси, жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы жемисли мийнети менен баслама ҳәм үлги көрсетип киятырғаны ушын бир топар ҳаял-қызлардың ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланыўы барлық аналар, ҳаял-қызларды қуўанышқа бөледи.

Олардың арасында қарақалпақстанлы «Тақыятас ыссылық энергия станциясы» акционерлик жәмийетинен химия цехының баслығы Зүлфия Бабажанова «Меҳнат шуҳрати» ордени менен, Өзбекстан филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси Инжигүл Сабурова II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен, Мойнақ районындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Айтгүл Жолымбетова «Дўстлик» ордени менен, Нөкис қаласындағы «Жайҳун универсал қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кран машинисти Айнур Турдымуратова «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

Қарақалпақ халқы Президентимиздиң айрықша меҳир ҳәм итибары, ғамқорлықларынан оғада миннетдар. Халқын сүйген, халқы сүйген Президентимиз халықаралық ҳаял-қызлар байрамында да және бир мәрте қарақалпақ көркем өнерине, устазларына, жумысшы-хызметкерлерине үлкен итибар қаратты.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты Назокат Ибрагимова, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Динара Нуратдинова Президентимиздиң қолынан Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықты алыўға миясар болды.

Мәмлекетимиз басшысының «Усы қуўанышлы байрамда пүткил халқымыздың кеўлиндеги жақсы тилеклерин бирлестирип, айтпақшыман: жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы пидәкерлик мийнетиңиз ушын Сизлерден шексиз миннетдармыз.

Ақыл-ойыңыз, мийрим-шәпәәтиңиз, сабыр-тақатыңыз бенен ҳәммемизге үлги болып, гөззал елимизде тынышлық ҳәм аўызбиршиликти сақлаўға шексиз үлес қосып киятырғаныңыз ушын Сизлерге мың мәрте рахмет», деп меҳир менен билдирген тилеклери ҳәр бир ананың, ҳаял-қызларымыздың кеўлине күш-ғайрат, арзыў-нийетлерине қанат, сабырына төзимлилик бағышлайтуғыны сөзсиз.

 

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының ағзасы,

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги