UzAuto Motors компаниясы баҳаларды қайта көрип шығыў қарары баҳалар конъюктурасы, сондай-ақ, ишки ҳәм сыртқы базардағы улыўма макроэкономикалық жағдайдың өзгериўи менен байланыслы екенлигин мәлим етти деп хабар бермекте  xabar.uz .

2020-жылдың 4-мартына шекем шәртнамаға қол қойған тутыныўшылар ушын барлық шәртлер сақлап қалынады.

Атап өтилиўинше, 2017-жылдың сентябрь айында соңғы мәрте автомобильдиң баҳалары өзгергеннен кейин доллардың сумға алмастырыў курсы өсти, шийки зат баҳалары, коммунал хызметлердиң тарифлери, транспорт хызметлердиң баҳалары артқан.

«Буннан тысқары, алдын салық жеңилликлерине ийе болған UzAuto Motors компаниясы 2019-жылдың октябрь айынан баслап Өзбекстан Республикасының әмелдеги  нызамшылығына муўапық салықларды улыўмалық тийкарларда, соның ишинде ҚҚС бойынша төлеўди баслады. 2019-жылда компания 2,5 триллион сум салық төлеген болса, усы жыл ушын болса көрсеткиш 4,2 триллион сумды қураўы күтилмекте.

Жақын келешекте компанияниң өзи ушын белгиленген тийкарғы бағдарлардан бири бул соңғы ўақытта әмелиятта кең қолланылып атырған тутыныўшылар ушын ажыратылатуғын автокредит ҳәм мүддетли төлем системаларын және де раўажландырыў болып есапланады. Бул бағдар банклер менен жақыннан бирге ислесиўди нәзерде тутады. UzAuto Motors автомобиль кредитлерин раўажландырыўға таяр болған банклер менен бирге ислесиў ушын бәрқулла ашық.

2019-жыл даўамында кредит бағдарламалары, мүддетли төлем ҳәм басқа да арнаўлы усыныслар нәтийжесинде тутыныўшыларға 52 мыңнан аслам машина сатылғанлығын атап өтиў зәрүр.

Өзбекстан автомобиль базарын глобал реформалаў шеңберинде, саламат бәсекиге шыдамлы экосистеманы жаратыў мақсетинде «Ўзавтосаноат» жақын келешекте жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрип шығылатуғын Өзбекстан базарына алып кирилетуғын сырт ел автомобиллерине бажыхана төлемлерин азайтыў басламасы менен шықты. Ишки базарда бәсекиниң күшейиўи UzAuto Motors компаниясының басқарыў системасын және де жетилистириўге, компанияның бәсекиге шыдамлылығын, сондай-ақ, ислеп шығарылып атырған автомобильлердиң сапасын ҳәм қолайлығын арттырыўға имканият береди», делинеди компанияның хабарында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги