Транспорт, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў және Ишки ислер министрлигиниң «Өзбекстан Республикасында автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў менен шуғылланатуғын билимлендириў мәкемелерин питкерген айдаўшылыққа талабанларға берилетуғын бирден-бир үлгидеги гүўалықты бериў тәртиби ҳаққындағы режесине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы қарардың жойбары жәрияланды.

Оған бола имтиханлардың нәтийжеси ҳаққында имтихан комиссиясының баслығы ҳәм ағзалары тәрепинен протокол толтырылады, соң билимлендириў мәкемесиниң басшысы тәрепинен қол қойылады.

Гүўалықтың сыртқы көринисинде Өзбекстан Республикасының қорғалған герби сәўлеленеди, ишки көринисинде болса гүўалықтың аймақлық коды, сериясы ҳәм дизим номери, билимлендириў мәкемесиниң аты, талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, оқыў мүддети, оқыў бағдарламасының аты, имтихан тапсырған пәнлердиң аты, имтихан нәтийжесине бола алған баҳасы және берилген айдаўшылық гүўалығының сериясы ҳәм дизим номери жазылады.

 

ӨзА