САЛЫҚ  ҲӘМ  ЖАСЛАР                                                                                               

Қарақалпақсттан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Халмурза Бекчановтың Тақыятас районы жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Жаслардың басламаларының қоллап-қуўатланыўы олардың ертеңги күнге болған исенимин және де арттырмақта.  Бул тосыннан емес. Президентимиздиң атап өткениндей, «Жаңа Өзбекстанды әлбетте, жаслар менен қурамыз!».

Бул бағдарда Тақыятас районында да унамлы жумыслар алып барылып атырғанлығы атап өтилди. Райондағы 13 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында бүгинги күни 17579  жас болып, олар тәрепинен ибратлы басламалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында өткен жылы жети жойбар қаржыландырылды. Олардан Худайберди Султанов кондитер өнимлерин ислеп шығарыў, «Азамат Шоҳжаҳон Раймовлар» шаңарақлық кәрханасы мийманхана хызмети,  «Бәркамал Мырза Тақыятас» жуўапкершилиги шекленген жәмийети улыўма аўқатланыў шақапшасы, «Оралбай Нөкис» шаңарақлық кәрханасы темир есик ҳәм дәрўазалар,  «Нурсултан Атабек» шаңарақлық кәрханасы нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланып, бир қатар жасларды жумыс пенен тәмийинледи.

Жаслар менен пикирлесиў, олардың машқалаларын тыңлаў ҳәм унамлы шешимин табыў ҳәр бир басшының әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Ушырасыў даўамында жаслар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың дерлик көпшилиги исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер майданын ажыратыў, бәнтлик, банк кредити ҳәм басқа да мәселелерден ибарат болды. Олардың көпшилиги усы жердиң өзинде шешимин тапқан болса, ўақыт талап ететуғын мәселелер тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығалатуғын болды.

Илаж соңында спортта жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы жасларға Мәмлекетлик салық басқармасының Ҳүрмет жарлығы тапсырылып, китапқумар жасларға әдебий китаплар саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.