Жаз мәўсиминде Токиода болып өтетуғын 2020-жылғы Олимпия ойынлары коронавирус глобаллық эпидемиясы себепли қәўип астында қалмақта.

«Daily Mail» басылымының жазыўынша, жарысты еки жыл артқа қалдырыў варианты көрип шығылмақта. Япония шөлкемлестириў жумыслары бойынша комитети ўәкили Харуюки Такахашидиң сөзлерине қарағанда, ўақыялардың бундай раўажланыўы жарысты толық бийкар етиў имканиятын арттырмақта. Бул болса, өз гезегинде Халықаралық Олимпия комитетиниң кем муғдарда финанслық жоғалтыўларына алып келеди.

Мағлыўмат ушын, Олимпия ойынлары турнир кестеси бойынша 24-июльдан 9-августқа шекем өткерилиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.