Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасының хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Ҳүжжет тийкарында 2020-жыл 1-апрельден баслап қалалық (районлық) мектепке шекемги билимлендириў бөлимлери усы аймақтағы бақшалар санынан келип шығып, I, II, ҳәм III топарларға ажыратылады ҳәм усы тийкарда мектепке шекемги билимлендириў системасының хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеў тәртиби жетилистириледи.

Қарар тийкарында киргизилген өзгерислерге муўапық, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасының хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеўдиң базалық тариф ставкалары муғдарлары өзгерди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.