СУД ЗАЛЫНАН                                                       

Халқымызда «Гүзе күнде емес, күнинде сынады»,-деген даналық гәп барНөкис қаласынан Гүлбәҳәр Ахметова (адам атлары өзгертип алынды) елимизде исбилерменликти раўажландырыў, оларды қоллапқуўатлаў бойынша имканиятлардан пайдаланыўдың орнына алдаўшылық пенен шуғылланып келди.

Бир перзенттиң анасы болған ол адамлардың исенимине кирип, мийнетсиз табыс табыў жолын таңлады. Усындай алдаўшылығы ушын 2016-жылы Нөкис қалалық ҳәм сол жылы Қараөзек районлық судлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими «б» бәнти менен жынайый жуўапкершиликке тартылған болса да, буннан ўақтында тийисли жуўмақ шығармады.

Нөкис қаласында жасаўшы, ески танысларынан бири Муратбай Айтимовтың баласы ҳәм қызына жумыс излеп жүргенлигин билген ол М.Айтимовты дәрҳал «қармағы»на илиндирди. Баласы Алламуратты аэропортқа, қызы Сапураны почтаға жумысқа орналастырып беремен деп, жәми 5 миллион сўм пулын алған. Гүлбәҳәр бул жынайый исин даўам еттирип, Ташкент қаласында ҳүжжетлери таяр болыў алдында, және азғана пул керек болып тур,-деп, 2 миллион сум пулын алып, бурынғы алған қарызлары ушын берип жиберген. Ақыбетинде Гүлбәҳәр және суд залына алып келинди.

Оған жаза таярлаўда ислеген қылмысынан пушайман екенлиги, шаңарақлы, бир перзентти тәрбиялап атырғанлығы,  жеткерилген материаллық зыянның толық қапланғанлығы есапқа алынды. Солай болса да, өмиримиздиң даўамшысы, шаңарағымыздың периштеси болған айырым ҳаял-қызларымыздың жынаятқа қол урыў жағдайларының ушырасып атырғанлығы өкинишли.

 

Ибрайым АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.