Елимизде таярланып атырған мийўе-овощларға болған талап сырт елде артып бармақта. Соған бола, экспорт бойынша анық системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, фермерлер ҳәм экспортёр кәрханаларға жеңилликлер жаратылып, қолайлы нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығылмақта.

Бундай жеңилликлер болса быйылғы жылы өткен жылға салыстырғанда мийўе-овощлардың экспортын 30 процентке арттырыўда қол келиўи мүмкин. Сол мақсетте быйыл 2 миллион 496 мың тонна мийўе-овощты экспорт етиў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жағдай қандай?

-Еки айлық санларды көретуғын болсақ, 140 мың тонна баҳасы 75 мың долларлық өним экспорт етиледи,-дейди Өзбекстан фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң ўәкили Шомирзо Сафаров. –Көрсеткишлерди ўәлаятлар кесиминде көретуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятлары алдыңғылар қатарында. Жиззақ, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары артта қалмақта. Бирақ егинлердиң писиў мүддетлерин есапқа алатуғын болсақ, еле алдында имканиятларымыз көп.

Мағлыўматларға қарағанда, еки айда  68 мәмлекетке  72 түрдеги мийўе-овощ экспорт етилген болып, ҒМДА мәмлекетлери менен бир қатарда Жақын Шығыс, араб мәмлекетлеринде ҳәр түрли мийўе-овощларымызға талап жоқары.

Қәнигелер өнимниң көлемин емес, ал валюта көлемин арттырыўға шақырмақта. Яғный, экспорт етилип атырған өнимлердиң көлеми аз болса, баҳасы да жоқары болатуғыны нәзерде тутылмақта. Мысалы ушын, бир тонна кептирилген кишмиштиң баҳасы бир ярым мың доллар, бадам жети мың доллардан артық, қәрели дерлик еки мың доллар екен. Гешир, пияз ҳәм басқалардың баҳасы болса 400 доллар әтирапында белгиленбекте.

Солай екен овощларға қарағанда кептирилген мийўе, бадам ҳәм басқалар жақсы пайда келтиреди. Онда болса тийисли шөлкемлер халықаралық базарларды ҳәм маркетингти үйренип, өнимлердиң баҳасын өз ўақтында белгилеп берсе дийқан ушын да, сатып алыўшы ушын да пайдалы болады. Ондай жағдайда сырт ел саўда системалары, супермаркетлер ушын киши көлемлерде қадақланған өнимлерди жеткерип бериў жүдә жақсы пайда келтиреди.

Сайёра ШОЕВА, ӨзА