Ҳәзирги күнде дүнья жүзилик машқалалардың бири АИВ инфекциясы болып қалмақта. АИВ инфекциясы тек ғана лабораториялық тексериў жолы менен анықланады.

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының мағлыўматларына қарағанда, АИВ инфекциясына тексериўде медицина хызметкери тәрепинен дәслепки ҳәм кейинги мәсләҳәт өткериледи. Кеселликтиң жуғыў жоллары, сақланыў илажлары ҳаққында түсиник жумыслары алып барылады.

Жас өспиримлер ҳәм майыплығы бар болған шахсларды АИВ инфекциясына тексериў олардың нызамлы ўәкиллериниң келисими менен әмелге асырылады.

– Өзбекстан Республикасында халықты АИВға медициналық тексериўден өткериў Өзбекстан Республикасының «Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликлердиң тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусына медициналық тексериўден өткериў қағыйдалары»на тийкарланып әмелге асырылады,-дейди Орайдың шөлкемлестириў бөлими санитария шыпакери Меҳрибан Бекниязова.

АИВ инфекциясына тексериў аноним, ықтыярлы, мәжбүрий ҳәм көрсетпе тийкарында әмелге асырылып, аноним тексериўде шахстың өз қәлеўи менен ықтыярлы түрде ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетисиз яки жеке мағлыўматларды жазбаған ҳалда әмелге асырылады. 18 жасқа шекемги балаларды аноним түрде тексериў қадаған етиледи.

Ықтыярлы түрде тексериў бул шахстың өз қәлеўи менен мәсләҳәт алыў ҳәм тексериўден өтиў ушын медициналық мәкемеге мүрәжат етиўи болып есапланады. АИВ инфекциясына тексериўден алдын дәслепки мәсләҳәт өткерилип, тексерилиўшиден жазба түрде келисими алынғаннан соң өткериледи ҳәм тексериўден кейинги мәсләҳәт өткериледи.

АИВ инфекциясына мәжбүрий мәсләҳәт ҳәм тексериў-айырым топардағы пуқаралар ушын белгили бир әмелди орынлаў мақсетинде өткериледи. Некеден өтетуғын  шахслар, ҳәмиледар ҳаяллар, инъекция арқалы наркотикалық затларды қабыллаўда гүман етилген шахслар, қан, биологиялық суйықлықлар тапсыратуғын донорлар ҳәм тағы басқалар.

Көрсетпе тийкарында АИВ инфекциясына тексериў-бул ҳуқық қорғаў уйымлары санкциясына тийкарланып мәсләҳәт бериў ҳәм тексериў юридикалық тергеў ҳәм суд қарарына бола әмелге асырылады. Бул дәслепки мәсләҳәттен кейин өткерилип, тесттен кейин мәсләҳәт өткериледи. Бундай жағдайда тексерилиўшиниң келисими алынбайды.

2020-жылдың январь ҳәм февраль айлары даўамында 389 пуқара АИВ инфекциясына аноним тексериўден өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жылғы 01-12-/9-01/19-санлы «Мийнет етиў ушын Республика тысқарысына кетип баратырған пуқаралардың мийнет ҳәм социаллық ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы  мәжилис баяны Қарақалпақстан Республикасы аймақларында халықтың кең қатламлары, әсиресе жаслар, мигрантлар, жәмлеспеген жаслар арасында АИВ инфекциясына тексериў  бойынша Нөкис қаласында шаңарақлық поликлиникаларда акция өткерилди. Акция даўамында 1412 пуқара АИВ инфекциясына тексерилди. Акция даўамында пуқараларға арнаўлы буклетлер, плакат ҳәм еслетпелер тарқатылды.

Акция ҳәзирги ўақытта районларда даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.