«Адолат» СДП Беруний районлық Кеңеси жумысшы топарының ағзалары райондағы «Қызыл қала» АПЖ аймағындағы хожалықларда болып, усы мәканда жасаўшылар менен сәўбетлести.

Сәўбетлесиў даўамында олардың машқалалары үйренилип, тийкарғы мәселе суў тәмийнаты менен байланыслы машқалалар екенлиги мәлим болды. Себеби, аймақ турғынлары ишимлик суўды бир ярым километр аралықтан тасыйды екен.

Усы мәселе бойынша Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Н.Кузенбаев районлық Суў тармақлары кәрханасы баслығы Б.Қутлымуратовқа аўызша мәлим етти ҳәм усы мәнзилге тартылған суў тармақлары үйренилди. Үйрениў нәтийжеси бойынша аймақ турғынларына ишимлик суўы тармақларын қайтадан жалғаў ушын барлық илажлар көрилетуғынлығы ўәде етилди.

– Сондай-ақ, ушырасыўда пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, исбилерменлик ушын кредит алыў, бәнтлик мәселеси ҳәм коммуналлық хызмет пенен байланыслы машқалалар мәлим етилип, пикир-усыныслар билдирилди,-дейди Н.Кузенбаев.

Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешимин таўып, қалғанлары тийисли тәртипте көрип шығылыўы келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.