Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының усы жыл 6-марттағы арнаўлы тапсырмасына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының шөлкемлестириўинде «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» ЖШЖда оқыў семинар өткерилди.

Семинарға қала ҳәм районлардағы қараўында пуқаралық қорғаныў имаратлары бар болған мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы Х.Пиримбетов, басқарма қәнигеси С.Юлдашев, Санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының жуўаплы хызметкери И.Байназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пуқаралық қорғаныў мәселелериниң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти. Айрықша жағдайлар жүз бергенде пуқаралық қорғаныўға арналған инженерлик-қорғаныў имаратларын пуқараларды қабыллаўға таярлаў мәселелери ҳәм бул бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси терең түсиндирилди.

Семинарда темаға байланыслы видеоролик қойып берилди. Соң қатнасыўшылар айрықша жағдайларда қолланыў ушын арналған арнаўлы қураллардың көргизбесин тамашалап, усы жәмийетке қараслы пуқаралық қорғаныў имараты менен танысты.

– Ең әҳмийетли мәселе – усындай айрықша жағдайлар жүз бергенде аймақ турғынларын қорғап қалыў болып есапланады,-дейди С.Юлдашев. – Бундай имаратларда ығаллылық, самал тезлиги, жақтылық, газ муғдары, қурғақлылық дәрежеси белгиленген нормада болыўы тийис. Пуқаралар ушын арналған жатақханасы, жуўыныў ҳәм басқа да арнаўлы бөлмелери жарамлы, кеминде үш күнлик азық-аўқат қорына ийе болыўы тийис.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.