ID-карта рәсмийлестирилгенлиги ҳәм берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 89 процентин қурайды, деп мәлим етпекте kun.uz сайты.

Өзбекстанда идентификация ID–карталарын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Белгилеп қойылыўынша, 2021-жыл 1-январьдан баслап жаңа туўылған балаға, Өзбекстан пуқарасына, Өзбекстан аймағында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахсқа ҳәм сырт ел пуқарасына белгиленген үлгидеги идентификация ID–картасы бериледи.

ID-карта оның ийесиниң шахсын, пуқаралығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет есапланады ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланылады. ID–карта ол берилген ўақыттан баслап 10 жыл мүддетке бериледи;

Сондай-ақ, ҳүжжетте ID-карта алыў ушын қанша пул төлеў керек екенлиги де айтылған.

Атап өтилиўинше, ID-карта рәсмийлестирилгенлиги ҳәм берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 89 процентин қурайды. Яғный – 198 470 сум.

Билдирилиўинше, Өзбекстан пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты, пуқаралығы болмаған шахс ҳәм сырт елли пуқараның жасаў гүўалығы олардың әмел етиў мүддети тамам болғанға шекем ҳақыйқый болып есапланады. Усы ҳүжжетлердиң ийелери оларды белгиленген тәртипте ID-картаға алмастырыў ҳуқықына ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги