Ассалаўма әлейкум, қәдирдан аналар!

Әзиз апа-сиңлилер!

Дилбар қызларым!

Бәринен бурын, сизлерди, пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын гөззаллық ҳәм нәзиклик әййямы – 8-март байрамы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге өзимниң ең жақсы ҳәм шын жүректен шыққан тилеклеримди билдирип, ҳәмийше шаңарағыңыз ҳәм жақынларыңыз, ел-халқымыздың ардағында болыў бахтын тилеймен.

Әзиз ўатанласлар!

Жер жүзинде маналы өмир пайда болғаннан, адамзат муқаддес Ана тымсалын, ҳаялды улығлап келеди.

Аналарымыздың шарапаты менен Ўатанымыздың топырағы жәннет бағларындай гөззал ҳәм уллы. Аналар дуўасынан елимиз тыныш, аспанымыз ашық, жумысымызда өним, турмысымызда берекет бар.

Ҳәммемизге белгили, муқаддес Қуранның ең үлкен сүрелеринен бири, «Нисо», яғный, «Ҳаяллар» деп аталады. Алла таала бул сүреде инсанларды ҳаялларға әдил мүнәсибетте болыўға шақырады ҳәм бул илаҳий сөзлер негизинде әлбетте терең ҳикмет бар.

Бир ҳақыйқат белгили, ҳәр қандай халықтың руўхый дәрежесин бәринен бурын усы ел ҳаялларының руўхый дәрежеси белгилейди.

Уллы ата-бабаларымыздың турмысына нәзер салсақ, олардың шахс сыпатында камалға келиўинде меҳрибан аналарымыздың, дана ҳаялларымыздың үлкен роль атқарғаны белгили болады.

Кейинги жыллары елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақ, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, ҳаяллар арасында исбилерменликти раўажландырыў, олар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды.

Бүгин сиз, әзизлердиң жүзиңизде қуўаныш, шүкиршилик белгисин көрип, мине усындай жумысларымыздың нәтийжесин аз болса-да сезбектемиз. Ҳәм биз мине усы дурыс жолды даўам еттириў, оның нәтийжесин буннан былай да арттырыў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Қәдирли апа-сиңлилер!

Бүгинги күнде кең көлемли демократиялық реформаларымыз нәтийжесинде ҳаялларымыздың сиясий-жәмийетлик процесслердеги қатнасы күн сайын күшейип бармақта. Буны өткен жыл декабрь айында елимиздиң парламенти ҳәм жергиликли кеңеслерге болып өткен сайлаўлар және бир мәрте тастыйықлады.

Сайлаўлардың нәтийжесине муўапық, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына сайланған 150 депутаттың 48 и ямаса 32 процентин ҳаял-қызлар қурады. Бул көрсеткиш Сенатта ҳәм жергиликли кеңеслерде 25 проценттен асты.

Өзбекстан тарийхында биринши мәрте миллий парламенте ҳаяллар саны Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен белгиленген усынысларға тең дәрежеге жеткенин атап өтиў тийис. Елимиздиң парламенти ҳаял депутатлардың саны бойынша дүньядағы 190 миллий парламент арасында 37-орынға көтерилди. Усыған итибар бериўиңизди сорайман – буннан 5 жыл алдын биз бул бойынша 128-орында едик.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер системасында 1 мың 380 нен аслам ҳаял-қызлар басшы лаўазымларында мийнет етпекте.

Ҳүрметли ҳаялларымыздан 16 сы ўатанымыздың ең жоқары сыйлығы – «Өзбекстан Қаҳарманы» атағына ерискени барлығымызды қуўандырады. Ҳаял-қызларымыздың арасында илим докторлары, профессорлар ҳәм академиклер, «Халық оқытыўшысы», «Халық шайыры», «Халық артисти» атақларына ерискен жүзлеген апа-сиңлилеримиздиң бар екенлиги – бул бизиң мақтанышымыз.

Биз ҳәзирги күнде өндирис, тәрлим-тәрбия, медицина, илим, мәденият ҳәм спорт тараўларының раўажланыўында да ҳаялларымыздың мүнәсип үлеси бар екенлигин жоқары баҳалаймыз.

Ҳәммеңиз билесиз, миллий парламентимиз тарийхында биринши мәрте ҳаял адам – ҳүрметли Танзила Камоловна Норбоева Сенат Баслығы лаўазымына сайланды.

Елимизде ҳаял басшылар, министрлер, ҳәкимлер, өндирис бирлеспелери, банк ҳәм компаниялардың баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымларында, Қураллы Күшлеримиз қурамында жуўаплы ўазыйпаларда хызмет етип атырған апа-сиңлилеримиздиң саны артып бармақта.

Жақында интакер ҳәм шөлкемлестириўши ҳаялларымыздың мүнәсип ўәкиллери жүдә жуўапкершиликли ўазыйпаға – район ҳәм қала ҳәкими лаўазымларына тайынланды. Атап айтқанда Әндижан ўәлаятының Бостан районына – Садбархан Мамитова, Бухара ўәлаятының Олат районына – Наргиза Неъматова, Наманган ўәлаятының Тўрақўрғон районына – Зулайхо Маҳкамова, Самарқанд ўәлаятының Каттақўрғон қаласына – Гавҳар Олимова, Сырдәрья ўәлаятының Боёвут  районына – Дилфуза Уролова, Қашқадәрья ўәлаятының Қарши районына – Махсуда Мустафоева биринши басшы етип тастыйықланды.

Ел-халқымыздың исенимине ерискен бул апа-сиңлилеримиз бүгинги әнжуманда қатнаспақта. Олардың барлығын қызғын қутлықлап, жумысларына табыс ҳәм әўметлер тилеўге руқсат бергейсиз.

Елимизде өз жумысы, ийгиликли ислери менен көпшиликке үлги болып атырған ҳаял-қызларымыздың көбейип атырғаны бәршемизди қуўатдырады. Солардың қатарында Ферғана ўәлаяты, Риштан қаласында жасайтуғын исбилермен ҳаял Израбу Усманова ҳаж зыяратына атап жыллар даўамында жыйнап келген қаржысын материаллық шараяты аўыр мәҳәллесинде жасайтуғынларға бийғәрез жәрдем сыпатында бергени баспасөзде кеңнен жарытылды.

Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районы, «Өзбекстан» мәҳәллесинде Гавхар Хусанова деген белсенди сиңлимиз бар. Ҳәзирги ўақытта ол район кеңесиниң депутаты етип сайланған. Гавҳардың қәйиненеси Гулбаҳор апа оқытыўшылық жумысы даўамында мыңлаған китапларды жыйнаған екен. Гавҳар Хусанова олардың қасына және көп әдебиятларды қосып, аўыл халқы ушын өз есабынан «Мумтоз» деп аталған үлкен китапхананы қурғаны мақтаўға ылайық.

Жақында ғалаба хабар қураллары арқалы таланты жас илимпаз Азиза Шоназарованың Америка Қурама штатларындағы абырайлы Колумбия университетиниң профессоры етип тайынланғаны ҳаққында хош хабар тарқалды.

Пайтахтымыздың Қарақамыш массивинде өсип, Ташкент шығыстаныў институтында, кейин ала Польша ҳәм АҚШтағы белгили университетлерде билим алған 32 жасында тарийх ҳәм дин таныў бағдарында илим докторы болғаны, 500 талабан арасында конкурста жеңип шығып, мине усындай жоқары илимий дәрежеге ерискени алғысқа ылайық.

Бул сиңлимиздиң ҳәзирги ўақытта жақсы шаңарақ ийеси ҳәм ана екени, араб, парсы, түрк, рус, инглис, француз, немис, поляк тиллеринде еркин сөйлей алыўы ерисип атырған жоқары нәтийжелери елимиз жаслары ушын шынында да ибрат үлгиси болады, деп исенемен.

Азизахан өз қуўанышын ўатанласлары менен бөлисиў ушын алыс жол басып, АҚШтан Өзбекстанға жетип келди. Келиң, жас илимпазды қызғын қутлықлап, оған және де үлкен табыслар тилейик.

Ҳәзирги ўақытта бүгинги салтанатлы мәресимде елимизде жумыс ислеп атырған Қытай Халық Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Цзян Янь, Египет Араб Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Аманий ал-Итр, Бирлескен Миллетлер Шөлкемниң Өзбекстандағы турақлы координаторы Хелена Фрейзер ҳәм Раўажланыў бағдарламасының турақлы ўәкили Матильда Димовска, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ўәкилханасының басшысы Лиан Куппенс, Халықаралық Қызыл ярым ай комитетиниң регионаллық ўәкилханасының басшысы Сангита Кёниг, Азия раўажланыў банкиниң турақлы ўәкилханасының басшысы Синтия Мальвичини ханымларды көрип турғанымыздан шексиз қуўанышлымыз.

Елимиз бенен нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып атырған мине усы ҳүрметли мийманларымызды Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қутлықлап, жақсы тилеклеримизди билдириўге руқсат еткейсиз.

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың аўырын жеңиллетиў мақсетинде өткен жылы салмақлы жумыслар исленди. Атап айтқанда, ҳаялларымыз ушын жәми 170 мыңға шамалас жумыс орны жаратылды. Коммерциялық банклер ҳәм Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржылары есабынан 172 мыңнан аслам апа-сиңлилеримизге 4,9 триллион сум кредитлер ажыратылды.

Республикамыздың барлық аймақларында ҳаял-қызлардың исбилерменлик орайлары шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде олар тәрепинен 28 мыңға шамалас апа-сиңлилеримизге исбилерменлик, өнерментшилик, кәсипке қайта таярлаў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша әмелий жәрдем көрсетилмекте. Сондай-ақ, бес әҳмийетли бағдарлама шеңберинде 21 мың 500 қызларымыз қысқа мүддетли кәсип-өнер курсларында оқытылды.

Мине усындай имканиятлар себепли исбилерменлик жумысын жолға қойған ҳаяллардың саны бир жылда дерлик 45 мыңға көбейип, олар тәрепинен мыңлаған жаңа жумыс орынлары пайда етилмекте.

Мәмлекетимизде жәмийеттиң тийкары болған шаңарақ институтын социаллық-руўхый орталықты беккемлеў бойынша да итибарға ылайық жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, шаңарақлардағы өз-ара келиспеўшиликлерди сапластырыў, шаңарақтағы ажырасыўлардың санын азайтыў бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен кең көлемли жумыслар орынланбақта. Оларды унамлы баҳалаған ҳалда, бул жетискенликлер биринши қәдемлер екенин, еле бул тараўда исленетуғын жумысларымыз оғада көп екенлигин де атап өтиў керек.

Әлбетте, турмыс деген нәрсе сынақ ҳәм қыйыншылықларсыз болмайды. Бирақ арзымайтуғын қыйыншылыққа да шыдамай, муқаддес шаңарақ қорғанын бузыў, ажырасыўларға жол қойыўды ҳәммемиз миллий үрп-әдетлеримизге, мийрим-шәпәәтли, әндийшели халқымызға пүткиллей жараспайтуғын жағдай, деп баҳалаўымыз зәрүр. Неге дегенде, егер қандайда бир шаңарақта тынышсызлық жағдайы ҳүким сүрсе, өз-ара келиспеўшиликлер себепли бийгүнә балалар тири жетимге айланатуғын болса, жәрдемге мүтәж инсанлар өз ҳалына таслап қойылса, бундай жағдайға қарсы ҳәммемиз биргеликте гүресиўимиз керек.

Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызларға сапалы медициналық жәрдем көрсетиў, олардың саламатлығын беккемлеўге байланыслы бағдарламаларымыз өзиниң дәслепки нәтийжесин бере баслады. Атап айтқанда, аналық ҳәм балалықты қорғаўға қаратылған жумыслар себепли 2019-жылы аналар ҳәм нәрестелер өлими сезилерли түрде азайғаны да соннан дәрек береди.

Ҳаял-қызлардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша да турақлы жумыс алып барылмақта. Сол мақсетте 2019-жылы 141 мың 500 ден аслам апа-сиңлилеримиз ҳәр қыйлы жуўапкер уйымлардың хызметкерлери тәрепинен қабыл етилип, олар көтерген машқалалардың көпшилиги унамлы шешилгенин айтыў зәрүр.

Өткен дәўирде елимиздеги 197 районда күш көрсетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайларының жумысы жолға қойылды.

Бүгинги күнде билип-билмей жынаят көшесине кирип қалған ҳаял-қызларға кеширимли болыў, оларды саламат турмысқа қайтарыўда ҳаял-қызлар шөлкемлери белсене қатнаспақта. Соның нәтийжесинде 261 ҳаял-қыз усы шөлкемлердиң кепиллиги тийкарында суд залынан азат етилгени халқымызға тән инсаныйлық үлгиси болып есапланады.

Мине усындай ийгиликли жумысларымыздың логикалық даўамы сыпатында мен күни кеше Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен және бир әҳмийетли тарийхый пәрманға қол қойдым. Бул ҳүжжетке муўапық, еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына исенимли өткен 83 ҳаял-қыз әпиў етилди. Олар байрам алдынан өз шаңарағы, жақынлары, перзентлери қушағына қайтыў имканиятына ийе болды.

Мине усы әпиў етилген ҳаял-қызлардың социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс кеширип, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер уйымлар тәрепинен тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, кең жәмийетшиликте белсене қатнасады, деп исенемен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәммеңизге белгили, январь айында Олий Мажлиске жолланған Мүрәжатта халқымыз, соның ишинде, ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин және де нәтийжели тәмийинлеў бойынша көп ғана әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алдық. Ҳәзирги ўақытта оларды әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжесин арттырыў бойынша Президенттиң арнаўлы пәрманы ҳәм қарары қабыл етилгенинен хабарыңыз бар.

Шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм кекселерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди.

Ҳеш кимге сыр емес, алдын мәҳәлле ҳәм ҳаял-қызлар уйымларына талаплар көп еди. Бирақ, тилекке қарсы, буның ушын оларда имканият ҳәм ўәкилликлер жетерли емес еди.

Бүгинги күнде ҳаял-қызлардың мәплерин шаңарақ, мәҳәлле ҳәм жәмийет мәплеринен ажыратқан ҳалда көз алдымызға келтирип болмайды. Мине усы мәселелерди комплексли шешиў, бул бағдарда мәмлекетлик сиясатты және де жоқары басқышқа көтериў – жаңа министрликтиң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленди.

Мәҳәллелердиң мәмлекетимиз турмысындағы үлке орны ҳәм әҳмийетин итибарға алып, 22 март сәнесин елимизде – Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни деп жәрияладық. Несип етсе, бул жаңа байрамды биринши рет усы жылы Наўрыз күнлеринде сизлер менен биргеликте кеңнен белгилеймиз.

Қәдирли дослар!

Ҳәр бир ата-ана өз перзентиниң саламат ҳәм бәркамал болып, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди үйренип, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўин шын кеўилден қәлейди. Мине усы ийгиликли мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетимиздиң тәлим-тәрбия системасында мисли көрилмеген реформалар әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили. Соның ишинде, усы жылы тәлим-тәрбияның тийкары болған балалар бақшаларының санын кескин арттырыў бойынша кең көлемли әмелий жумыс алып барылмақта.

Салыстырыў ушын бир мысалға итибарыңызды қаратпақшыман. Егер өткен жылдың биринши шерегинде елимизде жәми 9 мың 700 ден аслам бақша болған болса, бүгинги күнде олардың саны 14 мың 50 ди қурамақта, яғный бир жылда 4 мың 350 ге артты.

Мине усындай ҳәрекетлеримиз бенен быйыл балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў дәрежесин ҳәзирги 54 проценттен 60 процентке жеткеремиз. Нәтийжеде бақша тәрбиясын алып атырған перзентлеримиздиң саны бир жылда 400 мыңға көбейип, жәми 1 миллион 800 мыңға жетеди.

Бул тараўда биз, әлбетте, үлкен жумыс иследик. Бирақ бул санлар еле бизлерди қанаатландырмайды. Неге дегенде, биз бул мәселеде шекти бәлент алғанбыз. Буның негизинде оғада үлкен мәнис, мақсет бар. Себеби бақша тәрбиясы тек ғана баланың өзине емес, ал оның ата-анасына да, қалаберсе, пүткил жәмийетлик турмыста да күшли унамлы тәсир көрсетеди. Баласы бақшада, мүнәсип шараятта тәрбияланып атырғанын көрген ҳаял адам әлбетте қәтержам кейпиятта, шүкиршилик пенен жасайды.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде мектеп билимлендириўин раўажландырыў улыўма халықлық ҳәрекетке айланып бармақта. Усы күнлерде «Заманагөй мектеп» бағдарламасы ислеп шығылмақта. Педагог кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша да үлкен жумысларды басладық.

Бул бағдарда биз билимлендириўдиң барлық басқышларында қыз балалардың тәрбиясына айрықша итибар қаратпақтамыз. Уллы ойшылларымыз, белгили жазыўшыларымыздың атларындағы  мектеплер, Президент мектеплери барлық жасларымыз қатары илим ҳәм көркем өнерге умтылыўшы қызларымыз ушын да кеңнен имканиятлар ашып бермекте.

Әлбетте, жас қызларымызды қәстерлеп сақлаў, оларға дурыс тәрбия бериў, еркин турмысқа таярлаў, халқымызға мүнәсип перзентлер етип камалға келтириў ушын мәмлекет ҳәм жәмийет өз мойнындағы барлық жумысларды орынлайды. Бирақ бул оғада әҳмийетли ўазыйпаны орынлаўда шаңарақтың, меҳрибан апаларымыз, гөззал аналарымыз, мәҳәлледеги кәйўаны ҳаял-қызлардың орны ҳәм тәсирин ҳеш ким ийелей алмайды.

Усы жерде рухсатыңыз бенен, белгили шайырымыз Муҳаммад Юсуфтың еки қатар қосығын оқып бермекшимен:

Қыз бар үйдиң дәўлети артпақ болар,

Жәннет жолы – қыз жүрген соқпақ болар.

Қараң, қандай мәнили, қанда ҳақыйқый сөзлер!

Усы мүнәсибет пенен бүгинги байрам салтанатында қатнасып атырған ҳәм мен еситип турған ҳүрметли апа-сиңлилеримизге мүрәжат етип айтпақшыман: келешегимиздиң бахыт-ығбалы болған қызларымызды ең гөззал пазыйлетлер, билим ҳәм әдеп-икрамлылық ийелери етип тәрбиялаўды өз итибарыңызға, өз жуўапкершилигиңизге алсаңыз, мәмлекетимиз де, халқымыз да сизлерден шексиз миннетдар болады.

Бул бағдарда жаңадан шөлкемлестирилген Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, көпти көрген нуранийлеримиз, ҳаял-қызлар белсендилери, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар, Өзбекстанның барлық жанкүйер ҳаяллары усы басламаны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, жас қызларымызға мүнәсип билим ҳәм тәрбия бериў сыяқлы оғада машақатлы, бирақ ийгиликли ҳәм саўаплы жумысқа үлкен үлеслерин қосады, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, мен бүгин бир усыныс пенен Сизлерге мүрәжат етпекшимен: мине усы ийгиликли жумысларымызға қолқанат болып, жас қызларымызға устазлық етип, оларға тәлим-тәрбия беретуғын ҳақыйқый устазларды хошаметлеў мақсетинде келеси жылы 8-март байрамынан баслап ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан екеўден ең мүнәсип ўәкилди мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаўды усыныс етемен.

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Тәлим-тәрбия мәселесинде көп жыллар бизлерди қыйнап келген аўыр машқалалардан бири – бул жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталарының шекленгенине байланыслы еди. Мәселен, 2-3 жыл алдын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў дәрежеси жылына 60-70 мың адамды, басқаша етип айтқанда, мектеп питкериўшилериниң дерлик 9 процентин қурайтуғын еди.

Соның ушын бул тараўда да әҳмийетли реформаларды басладық. Өткен жылы тарийхымызда биринши рет 150 мың жасларымыз студентликке қабыл етилди. Усы тәризде мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 20 процентке жеткердик.

Әлбетте, бул жумыслар аңсатлық пенен болып атырғаны жоқ. Буның ушын бар материаллық-техникалық, оқыў-методикалық базаны беккемлеў, жоқары оқыў орынларының тармағын кеңейтиў, профессор-оқытыўшылар, педагоглар, илимий хызметкерлердиң профессионал маманлығын арттырыў ушын үлкен күш, қаржы ҳәм имканиятларды жумсаўға  туўра келмекте. Бирақ қаншелли қыйын болмасын, перзентлеримиздиң тәғдири ушын, келешегимиз ушын биз бул жумыслардың көлемин және де кеңейткен ҳалда, әлбетте әмелге асырамыз. Жоқары билимлендириўге қамтып алыў көрсеткишин усы жылда кеминде 25 процентке, келешекте болса 50-60 процентке жеткеремиз.

Ҳаял-қызлардың илимий ҳәм мәдений дәрежесин арттырыў, оларды мүнәсип жумыс орынлары менен тәмийинлеў мақсетинде усы жыл қызларымыз ушын жоқары оқыў орынларына айрықша қабыллаў квоталары енгизиледи. Бул да тарийхымызда биринши мәрте қолланылып атырған тәжирийбе болып есапланады. Себеби оқымыслы, жоқары мағлыўматлы ҳаял шаңарақта да, жумыста да, жәмийетлик турмыста да ҳәмме нәрсеге илим-мәрипат пенен, саналы және белсенди қатнас жасайды ҳәм мүнәсип қатнасады.

Егер биз перзентлеримизди саламат ҳәм бәркамал, Ўатанға садық инсанлар етип тәрбиялаў нийетинде екенбиз, бәринен бурын ҳаял-қызлар ушын илим ҳәм кәсип-өнер жолларын кеңнен ашып бериўимиз керек.

Егер биз болажақ хорезмийлер, фарғанийлер, берунийлер, бухарийлер, улуғбеклер, наўайыларды тәрбияламақшы екенбиз, биринши гезекте, ҳәр тәреплеме саламат, жоқары билимли ҳәм мәнаўиятлы аналарды тәрбиялаўымыз зәрүр.

Биз усы жылға  елимизде Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы, деп атама бердик, бул бағдарда Мәмлекетлик бағдарламаны қабыл еттик. Әне усы бағдарламаны ислеп шығыўда биз бәринен бурын ҳүрметли аналарымыз, апа-сиңлилеримиздиң арзыў-нийетлерин, талап ҳәм зәрүрликлерин де инабатқа алдық. Бул бағдарда өз алдымызға қойған үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда да, пүткил халқымыз қатары, сиз, әзизлердиң бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, мәдений ҳәм руўхый потенциалыңызға сүйенемиз.

Ҳаялларымыз турмыслық машқалаларды, шаңарақ ҳәм мәҳәлледеги қыйын мәселелерди, оларды сапластырыў жолларын, жәмийеттиң тамыры соғып турыўын басқалардан гөре жақсырақ биледи. Олар өзлериниң меҳрибанлығы, жоқары жуўапкершилик сезими, мийнетсүйгишлиги менен бәршеге өрнек бола алады.

Биз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, министрликлер ҳәм уйымларда терең билим ҳәм маманлыққа ийе болған интакер апа-сиңлилеримизге басшылық лаўазымларын исенип тапсырыў бойынша баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз.

Бул мәселе жеке Президенттиң қадағалаўында болады.

Ҳүрметли апа-сиңлилер!

Мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленгенлиги ҳәм усы бағдарда кең көлемли илажларды әмелге асырыўды баслағанлығымыздан хабарыңыз бар.

Бир хақыйқатты анық түсинип алыўымыз керек: кәмбағаллықты қысқартыў ушын биринши гезекте жумыссызлықты азайтыў керек. Бәринен бурын, халықты заманагөй  кәсип-өнерлерге оқытыў, олардың экономикалық ҳәм финанслық саўатлылығын арттырыў, адамларда, әсиресе, ҳаялларымызда исбилерменликке қызығыўшылықты оятыў зәрүр.

Биз бул бағдарда дүнья жәмийетшилигиниң тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйренип, халықаралық бирге ислесиўди жолға қоймақтамыз. Соның менен бирге Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлер, Қытай Халық Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлер менен исбилерменлик ҳәм жеке меншик бизнести раўажландырыў, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша усы жылдың өзинде 700 миллион долларлық бағдарламаларды әмелге асырыўды нәзерде тутпақтамыз.

Усы күнлери Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының басшылығында дүзилген республикалық жумысшы топар ўәлаятларда болып, турмыслық шараяты аўыр болған ҳаял-қызлардың жағдайын ҳәр бир аймақ бойынша таллап, оларға әмелий жәрдем бермекте.

Жумысшы топар тәрепинен аўыллық жерлерде жасап атырған ҳаяллардың, еркин турмысқа кирип атырған қызларымыздың ҳуқықы менен мәплерин  тәмийинлеў, социаллық қорғаў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бойынша  ҳәр бир мәҳәлле кесиминде бағдарламалар ислеп шығылып, орынланыўы шөлкемлестирилмекте.

Жумысшы топардың күни-түни үзликсиз ислейтуғын, ҳаял-қызлардың мүрәжатларын қабыл ететуғын «Исеним телефонлары» ямаса заманагөй тилде айтқанда, «Колл-центр» жумысы жолға қойылды.

Енди мәмлекетимиздиң қәлеген қала ямаса аўылынан, шетки аўыллардан да ҳаялларымыз 1211 қысқа санды терип, усы орайға тиккелей мүрәжат етиў имканиятына ийе болды. Биз буны халық пенен нәтийжели қарым-қатнаста болыў жолындағы баслаған жумысларымыздың логикалық даўамы, деп баҳалаймыз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бизге белгили, елимизде ҳаял-қызлардың қәбилетин ҳәм потенциалын әмелге асырыў, олардың мийнетин мүнәсип қәдирлеўге айрықша итибар берилмекте. Соның ишинде, ҳәр жылы мәмлекетимиз бойынша 28 талантлы қызларымыз уллы шайырымыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланады.

Ҳәзирги ўақытта  усы сыйлыққа ийе болғанлардың саны 311 ге жетти. Усы жыл  олардың қатарына және 28 өз тараўының ең талантлы ўәкиллери болған әзиз перзентлеримиз қосылмақта. Олар өзлериниң жемисли мийнети, айқын таланты, ибратлы пазыйлетлери менен барлық заманласларына өрнек болады, деп исенемен.

Усы күнлерде аналық ҳәм балалықты қорғаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша үлгили жумыс ислеп атырған ҳүрметли апа-сиңлилеримизден 287 си «Мўътабар аёл» белгиси менен сыйлықланды.

Имканияттан пайдаланып, олардың барлығын усындай ҳүрмет пенен шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Усы қутлы әййям қарсаңында Президенттиң Пәрманына муўапық Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, саламат ҳәм бәркамал әўлад тәрбиясы, шаңарақ ҳәм жәмийет тийкарларын беккемлеў жолындағы мүнәсип хызметлери ушын бир топар қәдирли ҳаял-қызларымыз жоқары атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Бүгин сизлердиң жаныңызда әне усындай  апа-сиңлилеримиздиң мүнәсип ўәкиллерине және Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығына ийе болған қызларымызға мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықларын тапсырыў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Турмысымыздың берекети ҳәм периштеси болған әзиз аналарымыз, меҳрибан апа-сиңлилеримизге мүнәсип мийнет ҳәм турмыс шараятын жаратып бериў, оларды разы етиў – барлық дәрежедеги басшылардың тек хызмет ўазыйпасы емес, ал, бәринен бурын, инсаныйлық ўазыйпасы болып есапланады.

Биз ҳәммемиз – Президент, Ҳүкимет басшылары, министрлер ҳәм ҳәкимлер, депутатлар ҳәм сенаторлар – барлық жетекшилер әне усындай жоқары ўазыйпаны анық нәтийжелер, әмелий жумыслар менен ақлаўымыз зәрүр.

Әзиз апа-сиңлилер!

Усы  көтериңки әййямда пүткил халқымыздың кеўилиндеги жақсы тилеклерди  бирлестирип, айтпақшыман: жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы пидәкерлик мийнетиңиз ушын Сизлерден шексиз миннетдармыз.

Ақыл-парасатыңыз, мийрим-шәпәәтиңиз, сабыр-тақатыңыз бенен ҳәммемизге ибрат болып, гөззал елимизде тынышлық ҳәм аўызбиршиликти сақлаўға шексиз үлес қосып атырғаныңыз ушын Сизлерге мың мәрте рахмет.

Сизлерди гөззал байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге тынышлық ҳәм парахатшылық, беккем денсаўлық тилеймен.

Дүньядағы ең уллы ығбал – шаңарақлық бахыт Сизлерге бәрқулла яр болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА