«ТАЗА ҚАЛА» АКЦИЯСЫ

Усы жыл 7-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң басламасы менен «Таза қала» ғалабалық көклемзарластырыў акциясы болып өтти.

«Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен қурамыз!» сүрени астында өткерилген илажға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан республикалық Кеңеси  белсендилери, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары, мийнет жәмәәтлериниң, мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Бәринен бурын, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша басланған мисли көрилмеген жумысларымызды даўам еттирип, теңиздиң қурыған түбинде тоғайзарларды кеңейтиў, Нөкис, Үргенш ҳәм Хийўа қалалары аймағында «жасыл белбеў»лерди жаратыў лазымлығы атап өтилди. Әсиресе, жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа баслама пүткил мәмлекетимиз бойынша әмелге асырылатуғыны айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, Президентимиз 2019-жылдың 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен болған ушырасыўдағы алға қойған 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады, «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен қурамызӘ» сүрени жасларымызды жаңа басламаларға умтылдырмақта.

Акцияның тийкарғы мақсети, Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, Нөкисти таза аймаққа ҳәм «жасыл белбеў»ли қалаға айландырыў, қала турғынлары, соның ишинде, жасларымыздың санасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, елимизде әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий  өзгерислерде олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў болып табылады. Илаж алдынан жаслар аўқамының жетекшилери менен белсендилери тәрепинен дүзилген жумысшы топар тәрепинен Нөкис қаласында абаданластырылыўы талап етилетуғын 50 объект анықланып, түрли тараўларда белсендилик көрсетип киятырған жаслардан ибарат «Кеўилли жаслар» үгит-нәсият отрядлары шөлкемлестирилди.  Усы отряд ағзалары тәрепинен  еки күн даўамында белгиленген объектлер жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларында  үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Солай етип, 7-март күни үш мыңнан аслам жастан ибарат 50 отряд белгиленген аймақларда, сондай-ақ, министрликлер, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң 2,5 мыңнан аслам хызметкери «Дослық» каналының бойында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барды. Акцияға әскерий хызметкерлер де белсене қатнасты. Атап айтқанда, Арқа-батыс әскерий округи әскерлери «Қоскөл» мәкан пуқаралар жыйыны, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында абаданластырыў жумысларын алып барды.  Улыўма алғанда, усы күни ийгиликли басламаны қоллап-қуўатлап 10700 кеўилли жас, мийнет жәмәәтлери менен мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери тәрепинен қаламызда 80 гектарға жақын жер майданы абаданластырылып, 111,5 тонна шығынды алып тасланды. Абаданластырылған орынларға 675 түп мийўели, 18174 түп декоратив, 685 түрли гүлдиң нәли егилди. Солай етип, абаданластырылыўы режелестирилген майданлар келешекте көк липасқа бөленеди.

Усы күни «Нуранийлар қәдирлеўимизде» жойбары шеңберинде патронаж жаслар отрядлары тәрепинен 65 урыс ҳәм мийнет ветераны, бағыўшысын жоғалтқан, жалғыз баслы пуқаралар, имканияты шекленген шахслардың ҳал-жағдайынан хабар алынды. Жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық жәрдем көрсетилип, үйлери тазаланды ҳәм үй-әтираплары абаданластырылды. «Экопатруль» жойбары шеңберинде 280 кеўилли жастан ибарат велопатруль топары тәрепинен халық көп жыйналатуғын орынлардағы шығындылар алып тасланды.

Жаслар орайы алдында акция қатнасыўшыларын сыйлықлаў салтанаты болып  өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады. Бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

–Акция халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы ҳәм улыстың уллы күни Наўрыз әййямы алдынан өткерилиўи менен де әҳмийетли болды,-дейди «Ең белсенди МПЖ» номинациясы жеңимпазы, «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Гулинар Утемуратова.–Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары, соның менен бирге, турғынларымыз тәрепинен аймағымызда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген акция ҳәр қандай қоллап-қуўатлаўға ыйлайықлы.

Келеси акция Хожели районында өткерилетуғын болды.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың гала-концерти менен жуўмақланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.