USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҲАЯЛ БАХЫТЛЫ БОЛСА – ШАҢАРАҚ, ЖӘМИЙЕТ БАХЫТЛЫ БОЛАДЫ

Елимизге және бәҳәр келди. Гүл-ғумшалар жапырақ ашып, нәўшелер урқан атып атырған бул күнлерде инсаният да бәҳәрге ынтық, жаңаланыў мәўсимине жеткергенине шүкиршилик билдиреди.

Пүткил тиришиликке жан енип, қуслар және сайрай баслайды, ләйлеклер  әсте ҳаўада ушады. Қызалақлар және шашына гүлшеңбер тағады, ҳаял-қызлар қосық айтады. Мине усындай жағымлы ўақытларда бәҳәрдиң туңғыш байрамы – 8-март қәлбимизге көклем ҳаўасы, тиришилик, гөззаллық, нәзиклик жупары  менен кирип келеди.

Бәҳәр ҳәм ҳаял – егизек түсиник болып табылады. Екеўи де өмирдиң даўамлылығын тәмийинлейди. Бәҳәр де, ҳаял да инсан кеўилинде өмирге муҳаббат, жақсы арзыў нийетлер, меҳир ҳәм сақаўат сыяқлы уллы сезимлерди оятады.

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен пайтахтымыздың «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде шөлкемлестирилген салтанатлы илажға жыйналғанлар кеўлинен мине усындай қыяллар өткен болыўы тәбийғый. Саўлатлы сарай гүл сыяқлы рәңбәрең липасларда жайнап турған қәдирдан аналарымыз, меҳрибан апа-сиңлилеримиз ҳәр түрли тараўларда пидайы мийнет етип атырған қәдирли ҳаялларымыздың жүзинен жайнап кетти. Бул гөззаллықты көрип, шайыр болмаған адамның да ерксиз қосық жазғысы, гөззаллықты баян еткиси келеди.

Саўлатлы сарайға кире беристе байрамға айрықша итибар менен таярлық көрилгени билинеди. Жигитлер ҳәр бир мийманды қызыл гилем төселген жолдан жетеклеп залға мирәт етеди. Олардың қатарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан келген, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидайы жумыс ислеп атырған ҳаяллар, Зульфияханым қызлары, белгили ўатанласларымыздың аналары бар.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимиздиң ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап шығып сөйледи.

– Жер жүзинде инсаният пайда болғаннан, адамзат муқаддес Ана тымсалын, уллы ҳаялды ҳүремет етип, бәрқулла қәдирлеп келеди. Аналарымыздың шарапаты менен Ўатанымыздың топырағы жәннет бағларындай гөззал ҳәм бийбаҳа. Аналарымыздың пәтиясынан елимиз тыныш, аспанымыз ашық, жумысымызда өним, турмысымызда берекет бар, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин, гендер теңликти тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылмақта. Ҳаялларымыз шаңарағын пәк сақлаўы менен бирге жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларда да белсене қатнаспақта.

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына сайланған 150 депутаттың 32 проценти ҳаял-қызлар болып табылады. Бул көрсеткиш Сенатта ҳәм жергиликли кеңеслерде 25 проценттен асты.

Өзбекстан тарийхында биринши мәрте миллий парламентте ҳаяллар саны Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен белгиленген усынысларға тең дәрежеге жетти. Елимиздиң нызам шығарыўшы уйымы ҳаял депутатлардың саны бойынша дүньядағы 190 миллий парламент арасында 37-орынға көтерилди. Буннан 5 жыл алдын 128-орында едик.

Ҳүрметли ҳаяллардың 16 сы Ўатанымыздың ең жоқары сыйлығы – Өзбекстан Қаҳарманы атағына ерискен. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер системасында 1 мың 380 нен аслам ҳаял-қыз басшы лаўазымларында ислемекте. Олардың қатары күн сайын кеңейип баратыр. Усы күнлери интакер ҳәм шөлкемлестириўши ҳаяллар район ҳәм қала ҳәкими лаўазымларына тайынланып атыр.

Өндирис, тәлим-тәрбия, илим, медицина, мәденият, спорт тараўларының раўажланыўында да нәзиклик ҳәм сулыўлық ийелериниң мүнәсип үлесиниң бар екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы өз шығып сөйлеўинде ҳаж зыяраты ушын жыйнаған қаржысын мәҳәлле адамларына бийғәрез жәрдем сыпатында жумсаған риштанлы исбилермен Израбу Усманова, аўыл халқы ушын өз есабынан «Мумтоз» атлы үлкен китапхана қурған сайхунабадлы Гавхар Ҳусанова, 32 жасында Америка Қурама Штатларында абырайлы Колумбия университетиниң профессоры болған Азиза Шоназарова сыяқлы ҳаял-қызлардың ийгиликли жумысларын айрықша атап өтти. Байрам қатнасыўшылары биргеликте оларды алғыслап, терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылықларын билдирди.

Ҳаяллардың мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, денсаўлығын беккемлеў, олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлер және ерисилип атырған нәтийжелер ҳаққында да сөз болды.

Мәмлекетимиз басшысы қызларды ең гөззал пазыйлетлер, билим ҳәм әдеплилик ийелери етип тәрбиялаў жүдә жоқары жуўапкершилик екенин атап өтти. Жаңадан шөлкемлестирилген Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўалаў министрлиги, көпти көрген нуранийлер, ҳаял-қызлар белсендилери, ҳүрметли муғаллим ҳәм тәрбияшылар бул саўаплы жумысқа үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирилди.

Шавкат Мирзиёев бул ийгиликли жумысларға басшы болып, жас қызларға тәлим-тәрбия беретуғын ҳақыйқый устазларға кейинги жыл 8-март байрамынан баслап ҳәр жылы, ҳәр бир ўәлаяттан еки ең мүнәсип ўәкилди мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаўды усыныс етти. Жыйналғанлар буны қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатлады.

Мәмлекетимиз басшысының усы жылы 6-март күни қабыл етилген «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, саламат ҳәм бәркамал әўлад тәрбиясын, шаңарақ ҳәм жәмийет тийкарларын беккемлеў жолындағы мүнәсип хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызлар жоқары атақ, орден  ҳәм медальлар менен сыйлықланды. 4-марттағы Президент қарарына муўапық болса, жигирма сегиз белсенди қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланды.

Байрам илажында мине усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Сондай-ақ, орынларда аналықты ҳәм балалықты қорғаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша үлгили жумыс ислеп атырған 287 ҳаял-қызға «Мўътабар аёл» белгилери берилди.

Президентимиз өз шығып сөйлеўинде ҳаял-қызларды қәдирлеў, оларға ғамхорлық көресетиў мәселесинде әдиллик болса, ҳаяллар бахытлы болатуғынын атап өтти.

– Ҳаял бахытлы болса – шаңарақ, жәмийет бахытлы болады, деди өз гезегинде Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген ҳаял-қызлар ҳәр түрли министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери толы дастурхан әтирапында байрамды белгиледи. Илажға елимизде жумыс ислеп атырған сырт елли дипломат ҳаяллар, халықаралық шөлкемлер ўәкилликлериниң ўәкиллери де қатнасты.

Байрам көркем өнер шеберлериниң ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

ӨзА