Бүгин, 9-март күни азанда Нөкис айланба жолы ҳәм Спитамен көшесиниң кесилиспесинде «Nexia» автомобили «Lovol» жүк автомобили менен соқлығысты. Бул ҳаққында «Дежурная часть» каналы хабар берди.

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, жүк автомобили шепке ҳәрекетленип атырған ўақытта «Nexia» басқарыўшысы қуўып өтпекши болған. Ақыбетинде соқлығысыў жүз берип, «Nexia»да өрт жүзеге келген. Ўақыя ақыбетинде «Nexia» басқарыўшысы ҳәм ондағы жолаўшы қайтыс болған.

Мағлыўматларға қарағанда, жүз берген ЖТҲ бойынша анықластырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.