Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жылдың 2-март күнги «Қалалық жолаўшылар транспортында жолаўшылар тасыў хызметиниң жаңа тарифлерин қолланыў ҳаққында»ғы 65-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласы жолаўшылар транспортының жаңа тарифлери белгиленгени ҳаққында хабар берген едик.

 

Қарарға муўапық:

– қалалық жөнелисли автобус жөнелислеринде жолаўшыларды бир мəртелик тасыў хызмети 1000 (бир мың) сум;

– қалалық жөнелисли такси жөнелислеринде жолаўшыларды бир мəртелик тасыў хызмети 1500 (бир мың бес жүз) сум муғдарында белгиленген еди.

 

Бизге мәлим болыўынша, Нөкис қаласында автобус ҳәм жөнелисли таксилерде жолаўшыларды бир мәртелик тасыў хызмети ушын енгизилген жаңа тарифлер 2020-жыл 10-март күнинен баслап әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.