USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 18 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязовтың халықаралық ҳаял-қызлар байрамына бағышланған салтанаттағы қутлықлаў сөзи

 

Ассалаўма әлейкум, әдиўли аналар!

Қәдирли ҳаял-қызлар!

Ең дәслеп, Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әййям – 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсизлер.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәт, өмир даўамшылары, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында қәстерлеп-сақлап келген.

Сонлықтан да, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.

Өзлериңизге мәлим, Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында быйылғы жылы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселеси жаңа басқышларға көтерилетуғыны ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Атап айтатуғын болсақ, 5,5 мың ҳаял-қызлардың киши бизнес жойбарлары ушын 100 миллиард сўмлық жеңилликли кредитлер бериў, жоқары оқыў орынларында қызларымыз ушын өз алдына грантлар ажыратыў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз ушын әҳмийетли 5 баслама тийкарында қысқа оқыў курсларын шөлкемлестириў, буннан тысқары, ҳаял-қызларымыздың жаңа турақ жайлар алыўы ушын басланғыш төлемлерди бюджет есабынан төлеп бериў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелерге итибарымызды қаратты.

Бул еӊ дәслеп, аналарымызға, апа ҳәм қарындасларымызға, дилбар қызларымызға деген айрықша итибар ҳәм ғамхорлықтың көриниси саналады.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Ҳәзирги глобалласыў дәўири халқымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық белсендилигин және де арттырыўды талап етпекте.

Бунда әлбетте, олардың терең билими, бай турмыслық тәжирийбеси, заманагөй пикирлеў дүньясы менен ел тәғдирине жуўапкершилиги, халқымызға, ана-Ўатанымызға пидайылығы әҳмийетли орын ийелейди.

Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз керек, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз турмыстың түрли тараўларында нәтийжели хызмет етпекте. Әсиресе, халқымыз исенимине ерисип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслеринде 160 қа жақын депутат ҳаял-қызларымыздың жумыс алып барып атырғаны, буннан тысқары, 15 илим докторы менен 180 ге жақын илим кандидатларының жасларымызға устазлық етиўи, мектепке шекемги билимлендириў тараўында 12 мыңнан аслам, халық билимлендириў тараўында 27 мыңнан зыят, денсаўлықты сақлаў тараўында 14 мыңға жақын, мәденият ҳәм спорт тараўларында 1,5 мыңнан артық, исбилерменлик тараўында 7 мыңнан аслам ҳаял­-қызларымыздың мийнет етиўи олардың шын мәнисинде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық тараўларда шешиўши күшке ийе екенин және бир мәрте дәлиллейди.

Әлбетте, тынышлық ҳәм абаданлық болған елде раўажланыўлар болады, адамлар жаңаланыў, дөретиўшилик, жақсылық тилеги менен жасайды. Өткен жыллар ишинде өзлериниң айрықша таланты, терең билими ҳәм шеберлиги менен ажыралып туратуғын 23 қызымыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық алыў бахтына еристи. Сондай-ақ, быйылғы жылы қарақалпақстанлы 19 ҳаял-қызларымыз «Мўътабар аёл» естелик белгиси менен сыйлықланбақта. Буннан тысқары, усы байрам мүнәсибети менен Ташкент қаласында болып өтетуғын тийкарғы байрам салтанатында бир қатар қызларымыз Ҳүрметли Президентимиздиң қолынан Зульфия атындағы ҳәм басқа да мәмлекетлик сыйлықларды қабыл етип алыўы күтилмекте.

Ҳаял-қызларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратып атырған бундай жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы ушын Сизлердиң ҳәм пүткил халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Әдиўли аналар ҳәм ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлаймыз!

Илайым, ҳәмийше хүрметке бөленип, ана-Ўатанымыз, халқымыз, ул-қызларымыз, ел-журтымыз бахтына саў-саламат болғайсызлар!