ПРЕЗИДЕНТ БАСЛАМАСЫ ­ ҲӘРЕКЕТТЕ

Өзбекстан Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы тәрепинен Өзбекстан жаслар аўқамы республикалық Кеңеси менен биргеликте “Бес баслама – бес имканият” сүрени тийкарында жаслар фестивалы шөлкемлестирилди.

Оған тараў хызметкерлери, Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы мектеплериниң белсенди оқыўшылары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп жаслардың қатнасында ушырасыў өткерилди. Онда Өзбекстан жаслар аўқамы республика Кеңеси баслығы орынбасары П.Мақсетбаев, Өзбекстан Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы әскерий бөлими командириниң әскерий Ўатансүйиўшилик, руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары майор, А.Абдуалиев, Өзбекстан Миллий гвардиясы Әскерий-техника институты курсанты Ф.Ҳазратқулов  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң алға қойған бес әҳмийетли басламаның жаслар турмысындағы орны ҳәм әскерий тараўдың өзине жараса сырлары, әскерий билим журтына оқыўға кириўде көплеген китаплар оқыў, шет тиллерин үйрениў кереклиги бойынша жаслар менен ортақласты.

Буннан сон, бес басламаның ҳәр бир бағдары бойынша көргизбелер шөлкемлестирилди. Онда пайтахтымыздағы “Баркамал” әўлад балалар орайы оқыўшыларының сүўретлеў өнери ҳәм 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының шеберлик пенен атқарған аяқ ойынлары, Хожели районындағы 15-санлы мектеп оқыўшыларының  спорт шынығыўлары, республика қәнигелестирилген көркем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен көргизбеге қойылған миллий кестешилик ҳәм өнерментшилик буйымлары байрамға өзгеше заўық бағышлады.

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде Миллий гвардия әскерлериниң жаўынгерлик шынығыўларынан көринислер жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж соңында фестиваль шеңберинде өткерилген бир қатар таңлаўларда белсене қатнасқан жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Фестиваль көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

К.АБИБУЛЛАЕВТЫҢ түсирген сүўретлери.