Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Б.Алдамуратов өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда тийкарынан Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, жаңа парламент, сенатор ҳәм депутатлар алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм жаңадан қабыл етилген «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы, «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққында»ғы бир қатар нызамлар туўралы түсиник берилди.

Сондай-ақ, парламентте көрип шығылып атырған «Билимлендириў ҳыққында»ғы, «Баҳалы металлар ҳәм Баҳалы таслар ҳаққында»ғы, «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы, «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарлары туўралы мағлыўматлар берилип, усы нызамлар бойынша қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Дәслеп ол Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде өз сайлаўшылары менен ушырасып, елимизде жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң әҳмийети, той-мереке ҳәм басқа да мәресимлерди ықшамластырыў, тәртипке салыў, нызамға қайшы түрде қурылған турақ жайларды ҳүжжетлестириў бойынша пуқаралар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

Соң райондағы “AGRO KOMPLEKS KARAKALPAKSTAN” ЖШЖ жумысы менен жақыннан танысты.

  • Кәрхана 2017-жылдан берли жумыс ислеп турыпты,-дейди оның баслығы А.Мурзаназаров. – Кәрхана тәрепинен жәми 5 жойбар бойынша 32 миллиард сумлық гөш өнимлерин жетистириў, бийдай ҳәм салыны қайта ислеў, шарўашылық, қойшылық хожалығын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар иске түсирилди.

Кәрхана тәрепинен шет ел инвестициялары тийкарында 1 комбайн, 4 трактор ҳәм басқа да қосымша техникалар алып келинди. Улыўма алғанда 2018-жылдан баслап ҳәзирги ўақытқа шекем 411,3 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилди.

Депутат райондағы “ORAZBAY-ATA MED-KLINIKA” ЖШЖның жумыслары менен де танысты.

Бул жерде исбилермен А.Нуратдинов тәрепинен ҳәзирги күнде клиникаға өз есабынан 200 миллион сумлық оңлаў жумыслары алып барылды. Ушырасыўда бул жердеги 16 гектарлық жер абаданластырылып, бағшылық, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў жобаластырылып атырғанлығы атап өтилди.

Ишки туризмди раўажландырыў, халықтың жақсы дем алып емлениўи ушын келешекте усы клиниканы заманагөй санатория көриниске енгизиў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Соң депутат Б.Алдамуратов райондағы «Жуўсан» медициналық мәкемесиниң жумыслары менен танысты. Бул мәкеме 2018-жылы иске түсирилген болып, халыққа тийкарынан стоматология, физиотерапия, гинекология, лор ҳәм басқа да түрдеги кеселликлер бойынша хызмет көрсетеди.

Орынларда өткерилген ушырасыўлар даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген машқалалар ҳәм пикир-усыныслар үйренип шығылыўы ҳәм орынланыўының қадағалаўға алыныўы келисип алынды.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.