Метеорологлардың бақлаўларына бола, 2020-жылдың январы тарийхтағы ең жыллы ай болды. Быйылғы бәҳәр мәўсими де ҳәр қашанғыдан ыссы болыўы күтилмекте.

Жер жүзилик метеорологиялық шөлкеминиң хабарына бола, орташа градуслар алдынғы жыллардағыға салыстырғанда бираз жоқары болатуғыны күтилмекте. Буннан тысқары, Тыныш океанының сыртқы температурасы экваториал кеңликлерде оғада үлкен дәрежеде өзгериўи мүмкин.

Атмосферадағы ыссыхана газлери энергиясының шама менен 90 проценти океанларға қайтарылады. Сол себепли тереңликлерде қатаң өзгерислер жүз береди.

«Ыссылықтан тысқары, бәҳәрде экваторға жақын болған айырым орынларда көбирек жаўын-шашын күтилмекте. Басқа аймақларда жаўын-шашынның муғдары нормадан аз болады», деп болжанбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги