Усы жылы 29-февраль күни Қатар пайтахты Дохада АҚШ ҳәм «Талибан» ҳәрекети арасында тынышлық келисимине қол қойылды. Мәресимде қатнасқан сырт ел делегацияларының ўәкиллери Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық орнатыў жолындағы басламалары ҳәм исенимли ҳәрекетлерин жоқары баҳалады:

Залмай Халилзод, АҚШтың Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили:

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ташкентте шөлкемлестирилген Аўғанстан бойынша халықаралық конференция бул келисимге тийкар ўазыйпасын атқарғанын тән алыў керек. Қалаберсе, дәслеп АҚШ ҳәм «Талибан» ҳәрекетиниң қатнасыўында басланған сөйлесиўлер ендигиден былай еки тәреплеме формадан шығып, ҳәзирги ўақытта Аўғанстандағы ишки сиясий күшлердиң тынышлық орнатыў жолындағы ҳәрекетлерине жол ашты.

Бүгинги күнде тек ғана регион мәмлекетлери емес, ал пүткил дүнья жүзи аўған жеринде қәлиплескен халықаралық терроризм иллетлерине қарсы гүресиўде бирлеспекте. Қол қойылған келисимге бола, буннан кейин Аўғанстан жери халықаралық террор топарларына ҳеш қандай баспана бермейди. Бул бағдардағы келисимлер келешекте келисимге қол қойғанлар тәрепинен қатаң мониторинг етип барылады. Тийкарғы мақсетимиз Аўғанстан аймағында тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң бул мәселедеги басламалары унамлы нәтийжеге ерисилиўинде оғада үлкен роль атқарады. Узақ күтилген тынышлық процеси тек ғана регион емес, ал пүткил дүнья жүзиндеги тынышлық сүйиўши еллер ушын кең имканиятлар есигин ашып атырғаның және бир мәрте атап өтемен.

Атап айтқанда, АҚШ ҳәм Өзбекстан ушын да регионда саўда-экономикалық байланысларды және де кеңейтиў, өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў, интеграция процесин жеделлестириў имканиятын береди. Регионда санаат, транспорт-логистика хызметлери раўажланады, жаңа жумыс орынлары пайда болады. Бундай унамлы өзгерислерден барлық тәреплер мәпдар.

Маркус Потцель, Германия Федеративлик Республикасының Аўғанстан ҳәм Пәкстан бойынша ўәкили:

– Өзбекстан ҳәм Германия Орайлық Азияның бир бөлеги есапланған Аўғанстан мәселесинде көп жыллардан берли бирге ислеспекте. Буның шеңберинде мәмлекетлеримиз аўған жасларының билим алыўы ушын грантлар ажыратып киятыр. Аўғанстанда тынышлық орнатыў бойынша келисимнен кейин әмелге асырылатуғын бес тәреплеме көзқарас, яғный Қатар, Норвегия, Индонезия, Өзбекстан ҳәм Германияның Аўғанстандағы ҳәр қыйлы сиясий күшлер ҳәм топарлар арасында өз-ара сөйлесиўди жолға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлери менен биргеликтеги умытылысларының айқын мысалы болып есапланады.

Улыўма етип айтқанда, Германия ҳәм ЕА мәмлекетлери аўған жеринде тынышлық орнатылыў тәрепдары, себеби бул тартысыўдың сапластырылыўы бәринен бурын жәбирленген аўған халқының мәплерине хызмет етеди. Бул, өз гезегинде, Орайлық Азия мәмлекетлери ушын да ҳәр тәреплеме пайдалы. Соның ишинде, саўда-сатықты раўажландырыў, ықлым өзгерисине қарсы биргеликте гүресиў, альтернатив энергия ислеп шығарыў бойынша жойбарларды турмысқа енгизиў жақсы нәтийже береди.

Мен 2018-жыл март айында Ташкентте Аўғанстан бойынша өткерилген халықаралық конференцияда қатнасқанман. 2019-жыл август айында да Өзбекстанда болып, сыртқы ислер министри ҳәм Президенттиң Аўғанстан мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили менен ушырастым.

Германия Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық орнатыў бағдарындағы айрықша орнын атап өтеди. Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеўге қаратылған Ташкент конференциясы Өзбекстан жетекшисиниң басламасы менен шөлкемлестирилди. Қалаберсе, 2019-жыл май айында ГФР Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң Өзбекстанға сапары шеңберинде де еки мәмлекет басшылары Аўғанстан мәселесин терең таллаған еди.

Абдулазиз Комилов, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри:

Yurtimizdagi keng koʻlamli islohotlarni amalga oshirishda bizga avvalo tinchlik kerak

– Бүгин оғада әҳмийетли халықаралық конференцияның гүўасы болдық. Америка Қурама Штатлары ҳәм Аўғанстан «Талибан» ҳәрекети арасында тынышлық орнатыў шәртнамасына қол қойылды. Қырқ жыл даўамында дәслепки рет Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў бойынша жақсы имканият ашылып атыр. Онда Өзбекстанның үлеси оғада үлкен.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң беккем ерк-ықрары ҳәм прагматикалық көзқарасы себепли Ташкентте басланған Аўғанстанда тынышлық орнатыў процеси Доҳадағы тарийхый келисимге ерисилиўинде тийкарғы фактор болды.

Бул әҳмийетли шәртнаманың унамлы нәтийжелери не нәрседе көринеди? Бәринен бурын, Аўғанстан халқының тыныш, бахытлы турмысына есиклер ашылды. Биринши рет усы жерде урыс, күш көрсетиўлер тоқтайды.

Екиншиден, бул тынышлық келисими Өзбекстанның да тынышлығы ҳәм турақлылығы демекдир. Ҳәттеки Талибанлар биз бенен ушырасыўда «Биз ҳеш қашан Өзбекстан қәўипсизлигине қәўип салатуғын ҳәрекетлерге жол қоймаймыз ҳәм бул бағдарда бирге ислесиўге таярмыз», – деп атап өтти. Бул мәмлекетимиз ушын оғада үлкен жетискенлик, Президентимиз алып барып атырған сиясаттың унамлы нәтийжеси болып есапланады.

Аўғанстан менен прагматикалық мәплеримиз бар. Булар – жаңа жоллар қурыў, саўда-экономикалық байланысларды орнатыў, Өзбекстан өнимлерин Аўғанстан арқалы Ҳиндстан, Пәкстан, Иран сыяқлы Қубла Азия мәмлекетлерине экспорт етиў. Биз буннан былай да халықаралық жәмийетшилик пенен Аўғанстан бойынша бирге ислесиўди избе-из даўам еттиремиз. Президентимиздиң аўған жеринде тынышлық орнатыў, Өзбекстан әтирапында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша басламаларының унамлы  шешими жолында ҳәрекет етемиз. Себеби елимиздеги кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда бизге бәринен бурын тынышлық керек.

Абдул Салом Ҳанафий, «Талибан» ҳәрекетиниң Қатардағы сиясий ўәкилханасы баслығының орынбасары:

– Биз мырза Президент Мирзиёевтиң Аўғанстандағы тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизлик бағдарындағы унамлы басламаларын жоқары баҳалаймыз. Өзбекстан ҳәм Аўғанстан халқы әзелден бир-бири менен аға-ини, дос. Биз ҳәммемиз бир жанбыз. Бул регионда жасап атырған барлық мәмлекетлер, барлық миллетлер ҳәммелери, иншаалла, келешекте де бир жерде аўызбиршиликли түрде жасаўы керек. Аўғанстан қәўипсизлиги бул Өзбекстанның да қәўипсизлиги болып есапланады.

Қори Дин Муҳаммад, «Талибан» ҳәрекетиниң Қатардағы сиясий ўәкилханасы баслығының орынбасары:

photo_2020-03-01_17-39-03.jpg

– Узақ жыллардан берли, дерлик 40 жылдан берли Аўғанстанда урыс даўам етпекте. Бизге ҳәм қоңсыларымызға урыстың тамамланыўы, тынышлық ҳәм турақлылық орнатылыўы оғада әҳмийетли. Өзбекстан Президенти Аўғанстанда тынышлық орнатылыўы ушын басламалар алға қойғанын билемиз ҳәм бүгин биз бул тарийхый нәтийже босағасында турыппыз.

Аўғанстан ҳәм Өзбекстан улыўма шегара ҳәм мәдениятқа ийе. Еки мәмлекет халқы бир дәрьяның еки жағасында жасайды. Тәғдирлеримиз бир қолдың бес бармағы сыяқлы тарийхый жақтан бир-бирине байланыслы. Сизлердиң тынышлық орнатылыўын тәмийинлеў, қурылыс, билимлендириў ҳәм басқа көплеген тараўларда көрсетип атырған жәрдемлериңиз узақ мәмлекетлерден келип атырған жәрдемлерге қарағанда нәтийжелирек болмақта.

Элдор Орипов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры:

– АҚШ ҳәм «Талибан» ҳәрекети арасында тынышлық келисимине қол қойылыўы ҳақыйқатында да, тарийхый ўақыя болып есапланады. 40 жыллық урыстан кейин биринши рет күш көрсетиўге, халық арасындағы сан-санақсыз қурбанларға шек қойыў имканияты жүзеге келди. Өткен дәўир ишинде 2 миллион қурбан берилди, 4 миллионнан аслам аўған мәмлекетти тәрк етти.

Усы келисим перспективалары жақын ўақыт ишинде миллионлаған аўғанлар тыныш-парахат өмир сүре баслаўынан сөз етпекте. Әлбетте, усы тынышлық келисиминиң қол қойылыўына, Аўғанстандағы тынышлыққа ерисиў бойынша табысқа ерисиўде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жеке үлеси үлкен. Оның басламасы менен өз ўақтында усы тынышлық процесине күшли старт берилди.

Мен Аўғанстан бойынша Ташкент конференциясын нәзерде тутып атырман. Сол ўақытта глобал мәмлекетлер ҳәм қоңсы мәмлекетлер арасында аўған конфликтин сапластырыў бағдарында улыўма принциплер ҳәм көзқараслар бойынша улыўма келисим қәлиплестирилген еди. Оны әмелге асырыў мүмкин екенлигине исенгенлер оғада аз еди. Улыўма етип айтқанда, Аўғанстанда тынышлық перспективасына исенип атырғанлар аз еди. Бирақ Өзбекстанның избе-из ҳәм прагматикалық сиясатының шарапаты менен еристик.

 

ӨзА