Исенимим кәмил, бүгин биз де дәўиримиздиң ең өткир регионаллық ҳәм глобаллық машқалаларынан бири – Аўғанстандағы қарама-қарсылықты шешиўди әмелий руўхта додалап, биргеликте улыўма бир шешим ислеп шығыўға таярмыз.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

2020-жыл 29-февраль тек регионымыздың халықлары емес, ал дүнья мәмлекетлери тарийхына да әҳмийетли сәне сыпатында мөрленди. Өзбекстан Президентиниң басламасы, сиясый ерк-ықрары ҳәм әмелий ис-хәрекетлери менен қырық жыллық урыслардан жәбир көрген аўған жеринде тынышлық-аўызбиршилик, раўажланыў ушын тарийхый тырнақ тасы қаланды.

Қатар пайтахты Доха қаласында Америка Қурама Штатлары ҳәм «Толибон» ҳәрекети арасында Аўғанстанда тынышлық орнатыў бойынша келисимге қол қойылды. Усы тарийхый сөйлесиўлерде Өзбекстан делегациясы да қатнасты.

photo_2020-03-01_01-54-51.jpg

Тынышлық – ең әзиз ҳәм бийбаҳа байлық. Оны сақлаў инсанияттың турақлы арзыў-әрманы болып келген. Жапакеш аўған халқы бир инсанның өмирине тең жыллар өтсе де тынышлық деп аталатуғын байлықтан бос қалып келмекте.

Өзбек ҳәм аўған халықларын көп әсирлик тарийх, бирден-бир дин, уқсас дәстүрлер ҳәм қәдириятлар байланыстырып турады. Халқымыз бәрқулла аўған халқының машқалаларын өз жүрегинен өткерип, жәрдем қолын созыўға умтылып келген.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2018-жыл март айында Ташкентте «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференция шөлкемлестирилген еди. Онда мәмлекетимиздиң басшысы тәрепинен қоңсы Аўғанстандағы тынышлықты тәмийинлеў бойынша алға сүрилген басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланады.

Усы абырайлы конференцияда қатнасыў ушын Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғаний, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили Федерика Могерини, сондай-ақ, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Италия, Франция, Түркия, Россия, Қытай, Ҳиндистан, Иран, Пәкистан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменистан, Саудия Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыртқы сиясат мәкемелериниң басшылары, улыўма 25 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемниң ўәкиллери келген еди.

Усы орында Ташкент конференциясы коңсы Аўғанстан жеринде тынышлық орнатыў процесслерин тезлестиргенин атап өтиў зәрүр. Онда мәмлекетимиздиң басшысы төмендеги әҳмийетли басламаларды алға сүрген еди.

Биринши – аўған машқаласын тыныш жол менен шешиўдиң тийкарғы принциплерин ислеп шығыў ҳәм олар бойынша кең ҳәм исенимли халықаралық консенсус – келисимге ерисиў;

Екинши – Аўғанстан ҳүкимети ҳәм қураллы оппозиция арасында сөйлесиўлерди баслаў механизмин ислеп шығыў;

үшинши – Аўғанстанда миллий келисим процесине халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жәрдем бериў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў.

Барлық мәпдар сыртқы күшлердиң қураллы оппозициядан Аўғанстан ҳүкимети менен сөйлесиўлер столына отырыўын, қарама-қарсылық ҳәм күш ислетиўге шек қойыўды исенимли ҳәм бир даўыстан талап етиўи үлкен әҳмийетке ийе.

photo_2020-03-01_01-54-52.jpg

Мәмлекетимиз басшысы бул басламаларды алға сүрер екен, буннан басқа  жол жоқ екенлигине айрықша дыққат қаратқан еди. Усы басламалар менен Аўғанстан бойынша халықаралық конференцияның бас идеясы болған еди.

photo_2020-03-01_02-35-22.jpg

Президентимиздиң басламаларынан соң тәреплер ҳәм сиясий күшлер арасында тиккелей байланыслар орнатыла басланды. Себеби, бул мәселе Аўғанстан бойынша «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионналлық шериклик» темасындағы Ташкент конференциясының жуўмақлаўшы ҳүжжети – декларациясында да беккемленип қойылған еди.

photo_2020-03-01_01-54-53.jpg

Ташкент конференциясының қатнасыўшылары Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизлик орнатылыўы регионда турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў және көп жыллық күш ислетиў ҳәм аўған халқының азапларына шек қойыўда салмақлы әҳмийетке ийе екенлигин тастыйықлады. Әнжуман қатнасыўшылары тәрепинен Аўғанстан басшылығы ҳәм усы мәмлекет халқының ҳәрекетлери менен терроризм ҳәм наркотик өнимлер контрабасына  қарсы гүресиў тараўындағы өз-ара жақын регионаллық бирге ислесиў арқалы әмелге асырылып атырған сиясий тәртипке салыў, сондай-ақ, регионаллық экономикалық  бирге ислесиў ҳәм шериклик Аўғанстан ҳәм пүткил регионда тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Доҳада Аўғанстанда тынышлық орнатылыўына қаратылған тарийхый шәртнамаға қол қойылыўына шекем Өзбекстан сыртқы ислер министри басшылығындағы мәмлекетимиздиң делегациясы бир қатар мәмлекетлердиң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда, Америка Қурама Штатларының Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод пенен болып өткен сөйлесиўде аўған жеринде орнатылған тынышлық процесслеринде Өзбекстан тәрепи ҳәм мәмлекетлеримиз басшыларының Ташкент конференциясында алға сүрген басламаларды тийкарғы орын тутқанлығын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, Аўғанстанды келешекте раўажландырыў мәселелери де додаланды.

«Талибан» ҳәрекети ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда аўған жеринде орнатылатуғын тынышлықтан тәреплер бирдей мәпдар екенине итибар қаратылды.

Сәўбетлесиўде сөйлесиўлер процесине келиў аңсат болмағанын атап өтти. «Талибан» ўәкиллери «Биз қоңсыларымыз, атап айтқанда, Өзбекстанның ҳәрекетлери нәтийжесинде тынышлыққа ерисип атырмыз», – деп атап өтти. Олар Аўғанстанды раўажландырыў ҳәм тынышлықты тәмийинлеўде Өзбекстанға сүйениўин билдирди. Сондай-ақ, Өзбекстан Аўғанстандағы сиясий күшлер арасында бийтәреплик дәрежесине әмел еткен ҳалда ҳәрекет еткени үлкен нәтийже бергенлигин атап өтти.

Сәўбетлесиўде келешекте Аўғанстан ҳукимети ҳәм мәмлекет ишиндеги сиясий күшлер арасында тиккелей сөйлесиўлерди жолға қойыўда Өзбекстан әмелий жәрдем бериўге, сондай-ақ, Аўғанстанды тиклеў ҳәм раўажландырыў процесслеринде жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Әнжуман шеңберинде және бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилди. Оларда Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң ҳәзирги басқышы, келешекте усы диярды раўажландырыў бағдарында пикирлер ортаға тасланды. Әмелий бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўлерде халықаралық делегациялар тәрепинен Ташкент конференциясы бойынша қабыл етилген жуўмақлаўшы ҳүжжет тарийхый қарарға бағдарлаўшы декларация, деп баҳаланды.

photo_2020-03-01_01-54-54.jpg

Усы пикирлер Доҳада өткен ушырасыўда да атап өтилди. Атап айтқанда, Ташкент әнжуманы өткеннен соң Аўғанстан мәселесинде әмелий ҳәрекетлер басланғаны халықаралық шөлкемлер ҳәм ири мәмлекетлердиң ўәкиллери тәрепинен әҳмийетли тарийхый ўақыя, Аўғанстанда тынышлыққа ерисиўдиң басланыўы сыпатында айрықша атап өтилди.

Тынышлыққа ерисиў шәртнамасына қол қойыў мәресимине АҚШ Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпео қатнасты.

 

ӨзА