Нөкис қаласы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қууатлаў бөлими тәрепинен 3-март күни Нөкис автожол хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер коллежинде пуқаралық ислери бойынша судларға мүрәжат еткен, ажырасыў алдында турған шаңарақлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Кекселерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик-қайырқомлық фонды баслығының биринши орынбасары Ш.Усманов, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шаңарақтың муқаддес екенлиги, ондағы аўызбиршиликти сақлаў мәселерине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, усындай илажларды өткериў арқалы келешегимиз болған перзентлеримизди тири жетим етпей, оларды ата-анасының меҳри менен кәмалға жеткерип, Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм гүллениўи ушын кәмил инсан етип тәрбиялаўға үлес қосыў ҳәр биримиздиң инсаныйлық ўазыйпамыз екенлигин умытпаўымыз тийис.

Илажда шаңарақлар менен ашық сәўбетлесиў өткерилип, оларды жарастырыў илажлары көрилди. Ашық сәўбетлесиў даўамында «Алмазар», «Қаттағар», «Шығыс», «Жолшылар», «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынларынан ажырасыў ушын судқа арза берген шаңарақлар жарастырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.