Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келди. Ҳаўа райының жылыўы менен әтирап аймақты абаданластырыў, гүзар жол бойлары ҳәм жап-салмаларды тәртипке келтириў жумыслары әлле-қашан баслап жиберилди. Көше бойларын көгалландырыўда ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер отырғызылмақта.

Көпшиликтиң хабары бар, ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық орынларында бос турған жерлерде жаслар бағын шөлкемлестириўде қызғын жумыслар жүргизилмекте.

Бул бағдарда Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жаслар ушын 5 гектар  жер майданы ажыратылып, бағ шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди.

Илажда белсенди жаслар өзлерине ажыратылған жер майданын абаданласытырыў ҳәм нәл егиў жумыслары ықтыярлы рәўиште өткерилмекте. Нәл отырғызыў жумысларында аймақ жас үлкенлери өзлериниң ақ пәтияларын берип, жақсы тилеклерин билдирмекте.

Мәдений илажлар шеңберинде өткерилген акцияда жаслар бул жер келешекте үлкен бағ болып, халқымыз ушын хызмет ететуғынлығына  шын кеўилден исеним билдирмекте.

 

Қарақалпақтан хабар агентлиги.