Билимлендириўдиң сапасын халықаралық стандартлар  тийкарында баҳалаў, сол арқалы дүньяның басқа мәмлекетлери менен салыстырмалы таллаўлар жүргизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша бир қатар халықаралық изертлеўлерде қатнасады. Атап айтқанда, PIRLS-баслаўыш 4-класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин баҳалаў, TIMSS-4 ҳәм 8-класс оқыўшыларының математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин баҳалаў, PISA- 15 жасар оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша саўатлылық дәрежесин баҳалаў, TALIS-улыўма орта билим бериў мектеплери директорлары ҳәм оқытыўшылары менен сораўнама өткериў арқалы мектепте билим бериў ҳәм оқытыў процесслериниң нәтийжелилигин баҳалаў белгиленген.

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы жанында Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайы шөлкемлестирилди. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми менен биргеликте оқыўшылардың саўатлылығын баҳалаў халықаралық бағдарламасы – «PISA-2021» де қатнасыўға келисип алынды. Бул бағдарламада қатнасыў мәмлекетлер ушын өзгерис динамикасын бақлап барыў,  өз ўақтында тийисли қарарлар қабыл етиў имканиятын береди. Бағдарламада қатнасыў арқалы нәтийжели билимлендириў системасын жаратып, жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў арқалы жоқары ҳәм турақлы экономикалық өсимге ерисиў мүмкин. Бул ушын халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бағдарындағы PISA сыяқлы халықаралық изертлеўлерге  пуқта таярлық көриў талап етиледи.

Хожели районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде усы халықаралық изертлеўлерге таярлық көриўге, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайы тәрепинен усынылған 4 методикалық қолланбадан нәтийжели пайдаланыўға арналған республикалық әмелий-оқыў семинары болып өтти.

Онда министрликтиң, инспекцияның ҳәм миллий орайдың хызметкерлери, районлық және қалалық халық билимлендириў бөлимлериниң инспектор-методистлери, быйылғы жылы тәжирийбе-сынақтан өтетуғын мектеплер директорларының оқыў ислери бойынша орынбасарлары қатнасты.

Семинарда дәслеп усы мектептиң тәжирийбели оқытыўшылары методикалық қолланбаның презентациясын ҳәм мектепти креативлик усылда безеў бойынша тәжирийбелерин усынған болса, екинши бөлимде темаға байланыслы ашық сабақлар өткерилди.

Илажда халықаралық изертлеўлерге таярлық көриў бойынша тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў мәселеси талқыланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.