МИГРАЦИЯ ХЫЗМЕТИ

Елимизде пуқаралық мәселелерине байланыслы нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул ҳаққында Президентимиз өзиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «…Өзбекстан пуқарасы деген ҳуқықый статусқа ийе бола алмай атырған мыңлаған ўатанласларымыздың әне усы машқаласын нызамлы шешиў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды көриў ўақты келди, деп ойлайман.»,-деген еди.

-Елимиз басшысының Мүрәжатынан кейин бул бағдарда тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының баслығы, майор Баҳрам Үббиниязов.-Атап айтқанда, 1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан бери жасап киятырған шахсларға Өзбекстан Республикасы пуқаралығын автомат тәризде бериў, сол арқалы ўатанласларымыздың пуқаралық пенен байланыслы узақ жыллық машқалаларының унамлы шешилиўине хызмет етеди. Бул мәселе жақында ғана болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының екинши жалпы мәжилисинде де көрип шығылды.

Республикамыз аймағында 2124 пуқаралығы болмаған шахс болып, соннан Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимшелерине усы күнге шекем 621 шахс пуқаралыққа қабыллаў бойынша ҳүжжет тапсырған болса, соннан 432 шахс Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етилди. Буннан тысқары, өткен жыл даўамында жәми 21638 пуқараның сырт еллерге шығыў арза-анкеталары көрип шығылып, оларға елимиз пуқараларының сырт еллерге шығыў паспорты рәсмийлестирилип берилди. Олардан 12119 пуқара саяхатқа, 145 пуқара хызмет сапарына шыққан болса, 3052 пуқара турақлы жасаўға шығып кеткенлерди, 6322 си 16 жасқа шекемги баланы қурайды.

Республикамызда 16 жастан жоқары болған 1443244 пуқара болып, олардың барлығы биометрикалық паспорт пенен тәмийинленди. Соның менен бирге, Россия Федерациясынан 687, Қазақстан Республикасынан 634,  Қубла Кореядан 9, Түркиядан 7, Түркменстан Республикасынан 4, Америка Қурама Штатлары ҳәм Қырғызстан Республикасының ҳәр биринен 2, Грузия, Белгия, Украина ҳәм Таиланд мәмлекетлериниң ҳәр биринен 1, жәми 1349  пуқара Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспортын жоғалтып алғаны, мүддети өткенлиги ямаса жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы ушын Ўатанға қайтыў гүўалығы (сертификаты) менен қайтқан. Олардың барлығы дизимге алынып, министрликтиң терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасы, оның районлық ҳәм қалалық бөлимшелери ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен тийисли тәртипте сәўбетлесиўлер өткерилди.

Республикамыз аймағында турақлы түрде «Спитамен» илажы өткерилип келинбекте. Өткен жыл даўамында 21 Өзбекстан пуқарасы, 86 сырт еллердиң пуқарасы, 29 пуқаралығы болмаған шахс, жәми 136 пуқараның елимизде болыў қағыйдаларын бузғанлығы анықланды. Олардан 41265329 сум муғдарында жәрийма мәмлекет пайдасына өндирилди ҳәм елимизде болыў қағыйдасын бузған 1 сырт ел пуқарасы  республикамыз аймағынан тийисли тәртипте шығарылып жиберилди.

Келеси жылдаң  сырт елге шығыў  Өзбекстан Республикасы пуқараларының сырт еллерге шығыў биометрикалық паспорты менен әмелге асырылыўы себепли усы жылы 60 мыңға шамалас пуқараны усындай паспорт пенен рәсмийлестириў, тараўдағы жаңалықларды халыққа жеткерип барыў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм орынларда шешип барыў мақсетинде айына кеминде бир мәрте көшпели қабыллаўлар өткериў ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы қәнигелердиң шығыўларын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Буның ушын Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимшелери заманагөй компьютер ҳәм мебель үскенелери менен толық тәмийинленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.