Яшнабад районындағы Қорғаныў министрлигине қараслы Руўхый-ағартыўшылық орайының имараты 1980-жылда қурылған.

Бул жерде Қураллы Күшлер ансамбли, Орайлық әскерий оркестр, «Туран» мәмлекетлик әскерий театры, қызлар пишиў-тигиў орайы, балалар аяқ ойын дөгереклери жумыс ислейди. 1200 орынлық концерт залы бар. Бирақ имканиятлардан толық пайдаланылмай атырған еди. Усы күнге шекем имаратта капитал оңлаў жумыслары алып барылмаған.

Президентимиз Яшнабад районына сапар етиўи шеңберинде Қорғаныў министрлигиниң Руўхый-ағартыўшылық орайына да барды.

photo_2020-02-28_16-08-02.jpg

Президент орай имаратын реконструкциялап, оннан мақсетли пайдаланыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында кеўилашар орай шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Бул жерде концертлер, байрам илажлары өткериледи. Әтирапты абаданластырылып, исбилерменлердиң қатнасыўында саўда ҳәм хызмет көрсетиў орайлары шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги Авиақурылыс спорт комлексин де кирип көрди. Оның аймағын абаданластырыў, спортсүйиўшилерге қолайлылықларды арттырыў бойынша көрстетпе берилди.

photo_2020-02-28_16-07-59.jpg

photo_2020-02-28_16-07-56.jpg

photo_2020-02-28_16-07-58.jpg

 

З.ЖОНИБЕКОВА, ӨзА