Быйыл Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлер тамамланғанына 31 жыл толды. 1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстан аймағында болып өткен саўашқа Қарақалпақстан Республикасынан 3 мыңнан аслам азамат әскерий ўазыйпасын атқарыўға атланған болса, соннан 89 ы сол саўашта қурбан болған. Ал, 200 ден аслам жерлеслеримиз саўаш ўақтында ҳәр түрли дене жарақатларын алып, майып болып қайтты.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Кеңеси, Өзбекстан Республикасы жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими ҳәм «Ватанпарвар» шөлкеми Нөкис қалалық оқыў спорт техника клубы хызметкерлери аўған урысы қатнасыўшылары ҳәм урыста қаза тапқан жаўынгерлердиң шаңарақ ағзарынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин инам етти.

­- 1981-жылы Аўғаныстанға атланғанымда 19 жасар бала едим. Герат  қаласында шегараларды қорғаўда терроризм ҳәм диний экстремизм күшлерине қарсы гүресиўде еки жыл хызмет еттим. Сол қанлы жылларды ҳеш ойыма алғым келмейди. Шүкир, ҳәзир елимиз тыныш. Бизлердиң ҳал-жағдайымыздан хабар алып, көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықлардан шексиз миннетдармыз, –­ дейди Шымберген Жиемуратов.

Әлбетте, жаўынгер азаматларымыздың ел тынышлығы жолында атқарған хызметлери, мийнетлерине қанша ҳүрмет көрсетсекте арзыйды.

 

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.