Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының шөлкемлестирилгенине быйыл 25 жыл толыўы мүнәсибети менен Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде байрам илажы өткерилип, онда шығып сөйлегенлер партия хызметкерлерине елимизде пуқаралық жәмийетин қурыў ҳәм кең көлемли реформаларды әмелге асырыўдағы машақатлы жумысларында әўмет тиледи.

Онда усы партияның Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң хызметкерлери, депутатлар, партия белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж шеңберинде халық депутатлары Әмиўдәрья районлық кеңесиниң депутаты И.Палўанов көп жыллар даўамында усы партия шөлкеминде жемисли мийнет еткени ушын Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен енгизилген «Адолат» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Байрам мүнәсибети менен илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.