«Дыққат, пияда» айлығы   

  Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң «Бәркамал әўлад» балалар орайында жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, балалар қатнасында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде «Жол қағыйдасы-өмир пайдасы» атамасында илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкери С.Қәллибеков, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң хызметкери А.Тилеўниязова шығып сөйлеп, республикамыз аймағында  пиядалар, соның ишинде, жас өспиримлер қатнасында жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселери, оның алдын алыў илажларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 10-февралынан 10-март күнлери аралығында республикамыз аймағында «Дыққат пияда» илажы өткерилмекте. Оның шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде, улыўма билим бериў мектеплеринде, жоқары оқыў орынларында жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Улыўма билим бериў мектеплеринде «Жол ҳәрекети қағыйдалары» сабағын әмелият пенен байланыстырған ҳалда арнаўлы үскенеленген майданшаларда өтиў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери жанында нәўбетшилик шөлкемлестириў, оларды арнаўды кийимлер менен тәмийинлеў зәрүрлиги сөз етилди.

Илаж соңында «Жол қағыйдасы-өмир пайдасы» атамасында сүўрет ҳәм шығармалар таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

                   

Қарақалпақстан хабар агентлиги.