Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде              

                      Усы жыл 27-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Израил мәмлекетиниң Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси  Эдуард Шапироны қабыллаў мәресими болды.

                      Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Өзбекстан бүгинги күни дүньяның көплеген мәмлекетлери, соның ишинде, Израил менен сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм басқа да тараўларда қатнасықларды жылдан-жылға раўажландырып бармақта. Әсиресе, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў жақсы жолға қойылмақта. Суўдан үнемли пайдаланыў арқалы егислик жерлерден жоқары зүрәәт алыўда Израилдиң алдыңғы тәжирийбеси бизиң аймағымыз ушын оғада әҳмийетли болып табылады.

                      Өз гезегинде Израил мәмлекетиниң елимиздеги елшиси  Эдуард Шапира жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары аўыл хожалығы, туризм, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўларын буннан былай да раўажландырыўда, Арал бойында жүзеге келген экологиялық машқалаларды шешиўде бирге ислесетуғынлығын билдирди.

                      -Қарақалпақстан Республикасына үшинши мәрте келгенимнен қуўанышлыман,-дейди елши  Эдуард Шапиро.-Өткен сапарымда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасының «Арал регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фондын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслары менен танысқан едим. Бул сапары денсаўлықты сақлаў тараўында, соның ишинде, қантлы диабет кеселлигиниң алдын алыўда бирге ислесиў баслы мақсетимиз болып табылады.

                      Қабыллаўда өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысыўлар болды

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.