Подполковник Орынбаев Аманбай Тилеўбаевич Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасының баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, А.Орынбаев буған шекем Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.