Аўғанстанның Герат ўәлаятында 23-февраль күни жаңа түрдеги COVID-19 коронавирус инфекциясын жуқтырыў менен байланыслы дәслепки жағдай дизимге алынды. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы хабар берди.

Мәлим болыўынша, наўқас бир неше күн алдын Иранның Қум қаласында болып қайтқан. Иранның бул қаласы ҳәзирги ўақытта мәмлекеттеги коронавирустың орайы болып қалмақта.

«Дарё»ның исенимли дәреклерге тийкарланып хабар бериўинше, Өзбекстанның Аўғанстан менен шегарасы коронавирус инфекциясының алдын алыў мақсетинде ўақытша жабылыўы мүмкин.

Ал Иран менен Өзбекстан арасындағы авиарейслерди ўақытша тоқтатыў мәселеси көрип шығылып атырғаны ямаса керисинше екенлиги бойынша мағлыўматлар жоқ.

Мағлыўмат ушын, коронавирус тарқалғаны себепли Түркия, Армения, Грузия ҳәм Пакистан Иран менен шегарасын ўақытша жаўып, авиарейслерди де ўақытша тоқтатқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.