Жақын күнлерде Өзбекстанда Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан Мусылманлары басқармасы ҳәм Сауд Арабиясы патшалығының «Hidaya Global Groups» компаниясы менен биргеликте «Hidaya Airlines» атамасындағы жаңа авиакомпания ашылады. Бул ҳаққында Sof.uz хабар бермекте.

Бул авиакомпания Өзбекстан ҳәм Сауд Арабиясы арасында Умра сапары ушын тиккелей авиақатнаўларды және «Umrah+» бағдарламасы бойынша Индонезия, Малайзия сыяқлы мәмлекетлерден Умра сапарына баратуғынлардың Өзбекстан арқалы авиақатнаўларды шөлкемлестиреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.