25-ноябрь күни Ташкент қаласында «Өзбеккино» миллий агентлигинниң барлық аймақлық бөлимлерине, соның ишинде «Қарақалпақкино» агентлигине де «Дамас» автомашиналары берилди.

«Дамас» автомашиналары  «Өзбекавтосанаат» кәрханасы тәрепинен бийпул берилмекте.

Еслетип өтемиз, Президент Шавкат Мирзиёев усы жылы август айында Өзбекистан дөретиўши зыялылары менен ушырасыўында «Өзбекавтосанаат» кәрханасы «Өзбеккино» миллий агентлигине қәўендер етип бекитилген еди.

«Қарақалпақкино» агентлиги директоры Бектилеў Нызаматдиновтың билдириўинше, Республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы турғынларға миллий ҳәм жәҳән киноларын көрсетиў  режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги