«Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилди.

Пәрманға муўапық, ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципине тийкарланған жаңа система енгизиледи.

Жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң толық ҳәм нәтийжели енгизилиўине ҳәр тәреплеме көмеклесиў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелердеги жәмийетлик-руўхый орталықты саламатластырыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен жақын бирге ислесиўди үйрениў министрликтиң тийкарғы ўазыйпасы ҳәм жумыс бағдарларының бири болып есапланады.

Пәрманға муўапық, Министрлер Кабинети жанындағы «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы және «Мәҳәлле» оқыў-методикалық ҳәм илимий изертлеў орайы тийкарында «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» илимий изертлеў институты шөлкемлестириледи және министрликтиң қурамына өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.