«Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси жоқары турыўшы уйымларының усы шөлкемлерди сапластырыў ҳаққындағы қарарлары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан нураныйларының жәмийетлик жумысларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик бирлеспеси көринисиндеги «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлық (қалалық) бөлимлерин сапластырыў ҳаққындағы қарарлары қабыл етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.