Өзбекистан мусылманлары басқармасына қараслы Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий веб-сайты (paziylet.uz)ның телеграмдағы каналы иске түсти. Бул ҳаққында басқарманың жуўапкер хызметкерлери мәлим етпекте.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий веб-сайты (paziylet.uz) инсанды пәкликке, ийманлылыққа шақырыўшы мағлыўматлар дәреги болып, веб-сайтта сораў-жуўаплар, рәўиятлар, пәтиўа сыяқлы оғада әҳмийетли рубрикалар орын алған. Мақалалар бөлиминде болса ислам әлемине байланыслы ҳәрқыйлы мазмунға бай мағлыўматлар берилип барылады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий веб-сайты (paziylet.uz) зыя қәлеўши кеўиллер ушын суўсын қандыратуғын билим дәреги екенлигине гүман жоқ.