Республикамыз халқын ҳәм социаллық сала мәкемелерин 2017/2018 жылғы гүзги-қысқы мәўсимде көмир және көмир брикети менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-июньдеги ПҚ-3079-санлы қарары тийкарында быйылғы жылы көмир ҳәм көмир брикетин сатыў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде көмир ҳәм көмир брикетин халыққа сатыў ушын республикамызда 6 жерде районлараралық қоймаханалар жумыс ислемекте.

Соның ишинде,

1) Нөкис қаласындағы, «Нөкис» темир жол станциясы жанында Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районларының тутыныўшыларына;

2) Әмиўдәрья районындағы «Назархан» станциясы жанында Әмиўдәрья районының тутыныўшыларына;

3) Қоңырат районындағы «Қоңырат» станциясы жанында Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларының тутыныўшыларына;

4) Шымбай районындағы «Шымбай» станциясы жанында Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Кегейли районларының тутыныўшыларына;

5) Елликқала районындағы «Елликқала» станциясы жанында Елликқала, Беруний районларының тутыныўшыларына;

6) Төрткүл районындағы «Төрткүл» станциясы жанында усы районның тутыныўшыларына хызмет етеди.

Көмир қоймаханаларында сатылатуғын 1 тонна көмирдиң баҳасы 156 мың 600 сум ҳәм 1 тонна көмир брикетиниң баҳасы 238  мың сум етип белгиленген.

Төлемлер нақлай ямаса пластикалық карточкаларда қабыл етиледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси