Алжирде қылышпазлық бойынша жаслар арасында өткерилип атырған жәҳән кубогының гезектеги басқышы өткерилди. Қызлар арасында сабля жөнелиси бойынша болып өткен жарыста Өзбекстан сайланды командасының қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылар Зайнаб Дайыбекова, Айсулыў  Уснатдинова ҳәм Гүлбаныў Есемуратова өзлериниң жоқары спорт шеберлигин көрсетти.

Жерлеслеримиз жарыс даўамында Египетти 45:32, Италияны 45:43 есабында жеңип шыққан болса, финал басқышында оларға бираз әўмет жетиспеди ҳәм франциялы теңлеслерине 40:45 есабында жеңилди.

Солай етип, жерлеслеримиз жарыста гүмис медальды қолға киргизди.

 

Қылышпазлық бойынша жәҳән кубогы. Қызлар.

Жаслар, сабля.

 

1-орын Франция;

2-орын Өзбекстан;

3-орын Италия.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.