Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамы ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы ПҚ-2752-санлы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының қағыйдаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин жеткериўге бағышланған ушырасыў болып өтти.

Илажды басқарма баслығы Х.Файзуллаев алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Миллий қәўипсизлик хызметиниң ўәкили З.Полатов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының хызметкери А.Есемуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен оқытыўшысы Д.Сапаров, Бажыхана уйымларының өз қәўипсизлиги топарының оператив ўәкили Е.Ибрагимовлар шығып сөйлеп, темаға байланыслы кең түрде мағлыўмат берди.

Елимизде усы машқалаға қарсы гүресиў мәселесине ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан-ақ үлкен әҳмийет берилип, өткен дәўир ишинде коррупция ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў және оның алдын алыўға қаратылған беккем ҳуқықый база ҳәм системалы әмелият қәлиплести. Ең дәслеп республикамызда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде қабыл етилген ЭКОСОС (БМШтың экономикалық ҳәм социаллық кеңеси) тың Коррупцияға қарсы гүресиў резолюциясы (1995ж.), Мәмлекетлик лаўазымлы шахслардың халықаралық кодекси (1996ж.), Халықаралық коммерциялық шөлкемлерде коррупция ҳәм парахорлыққа қарсы гүресиў ҳаққындағы декларация (1997ж.), Миллетлераралық шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў конвенциясы (2000ж.) ҳәм басқа да халықаралық ҳүжжетлер қабыл етилди.

– Хызметкерлердиң пуқаралар менен әлпайым, нызамға сай түрде қатнас жасаўы, мүрәжатларын тыңлап, ўақтында орынлаўы, нызамлы шешим қабыл етиўи бойынша бизде турақлы түрде ушырасыўлар, арнаўлы илажлар өткерилип турылады. Бул ушырасыўдың шөлкемлестирилиўи бажыхана хызметкерлери ушын да оғада әҳмийетли болды. Бажыхана хызметкерлери  еле де елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық жақтан раўажланыўына өз үлесин қосыўда аянбай хызмет ете береди, деп исендиремиз,-дейди басқарма топарының үлкен инспекторы Ж.Сапарбаев.

Ушырасыўда додаланған мәселелер бойынша тийисли шешим қабыл етилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.