Пайтахтымызда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Биргеликтеги бағдарламасының ўәкиллери ҳәм жергиликли шериклериниң қатнасында гезектеги ушырасыў болып өтти.

Онда республикамыздың алдын ала белгиленген бес районында халықтың медициналық билимлерин анықлаў мақсетинде өткерилген үйрениў жумысларының нәтийжелерин талқылаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен «Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклилик фондын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў ҳаққында»ғы БМШтың Биргеликтеги бағдарламасы бойынша әмелге асырылыўы лазым болған алдағы ўазыйпалар кеңнен додаланды.

Семинарда БМШтың Ықтыярлылар бағдарламасының республикамыздағы координаторы Р.Дәўлетназаров, тренинглер бойынша координаторы  Г.Жапақова, «Шегарасыз шыпакерлер» Халықаралық қайырқомлық шөлкеминиң ўәкили А.Асенова, Жәмийет саламатлығы ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илим изертлеў институты Қарақалпақстан аймақлық бөлимшесиниң баслығы  Т.Рузметовалар усы жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берип өтти.

Атап өтилгениндей, республикамыздың Мойнақ, Қоңырат, Хожели, Шоманай, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Нөкис районларында жасаўшы 14 жастан 60 жасқа шекемги 1325 пуқара менен алдын ала дүзилген анкеталық сораўлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылған. Сораўлар тийкарынан асқазан ишек, өкпе, жүрек, қан-тамыр, туберкулёз кеселликлери, аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәселелери бойынша болған. Бағдарлама шеңберинде көзде тутылған кеселлик түрлери бойынша халықтың хабардарлығы соны көрсетеди, олар бул кеселликлер бойынша улыўма түсиникке ийе болса да, айырым кеселликлердиң көринислерин, белгилерин алжасып айтыўы көпшиликти қураған. Соннан, олардың 76,1  процентиниң дәриге турақлы туберкулёз, 77,8 процентиниң оның келип шығыў себеплери туўралы билмеўи ашынарлы жағдай екенлиги айрықша атап өтилди.

Илажда 2019-жылға шекемги әмелге асырылатуғын жумысларда усы бағдардағы илажларды еле де күшейтиў, ендиги жумысларға тартылатуғын 2000 нан аслам ықтыярлыларды оқытыў, үйретиў, қызықтырыў бойынша бойынша пикир-усыныслар билдирилди ҳәм алдағы жумыслар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги