Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал демократиялық партиясынан сайланған Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Зафар Ханиязов Қоңырат районы халқы менен ушырасты.

Илаж быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда депутатлардың халық пенен ушырасып, олардың дәртин тыңлаў, ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў, орынларда халықтың саламатлығын беккемлеў, аналар менен балалардың саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаў, пуқаралар жыйынларында жасап атырған халықтың машқалаларын сол жердиң өзинде үйрениў ҳәм сапластырыў және усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда депутат З.Ханиязов 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Мәмлекет ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў» деп аталған биринши бағдарында Олий Мажлистиң ролин күшейтиў, депутатлардың нызам дөретиўшилиги барысындағы жумысының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, сиясий партиялардың ролин жетилистириўге үлкен әҳмийет қаратылғанын атап өтти. Сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясының төртинши социаллық тараўды раўажландырыў бағдарында халықты социаллық қорғаўда ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириўде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, шаңарақлық саламатлықты беккемлеў, аўыллық шыпакерлик пунктиниң жумысын және де раўажландырыўға үлкен итибар қаратылғаны туўралы да кең түрде түсиник берди.

Илаж шеңберинде З.Ханиязов райондағы 24-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасының жумысы менен танысты ҳәм пуқаралардың өтинишлерин тыңлады.

Депутат бул поликлиникада елимиз Президентиниң усы жыл 29-марттағы «Өзбекистан Республикасы бирлемши медицина-санитариялық жәрдем  көрсетиў мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қанша унамлы жумыслардың әмелге асырылғанын атап өтти.

Сондай-ақ, депутат райондағы медициналық бирлеспеге қараслы басқа да поликлиникаларда болып, ол жерде халықтың саламатлығын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм наўқаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги