Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты А.Арзыев райондағы «Темир жол» гүзары халқы менен сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлады.

Ушырасыўда тийкарынан трансформатор, электр энергиясын жеткерип бериў менен байланыслы машқалалар көтерилип, пуқаралар ишки жоллардың оңлаўға мүтәж екенлигин, жөнелисли автотранспортлардың жетиспейтуғынлығын айтып, шағым етти.

– Мәҳәллемизде электр энергиясы тез-тезден өшип турады. Электр энергиясы бағаналары да гөнерген, -дейди «Киши-қаңлы» аўылы турғыны Т.Сайымбетов. – Депутат пенен ушырасыўдан пайдаланып, усы мәселелерди көтердим ҳәм әмелий жәрдем сорадым. Депутат А.Арзыев дәрҳал тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўнама жиберетуғынлығын ҳәм мәселе жақын арада көрип шығылатуғынлығын айтты.

Депутат басқа пуқаралардың мүрәжатлары да өз шешимин табатуғынлығын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.