Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарларын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгени ҳаққында хабар берген едик.

Усы қарар тийкарында Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде сыртқы (арнаўлы сыртқы) ҳәм кешки (сменалық) билимлендириўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2017-жыл 21-ноябрьдеги 930-санлы қарарының 1-қосымшасы 12-бәнтине өзгерис киргизилди.

Киргизилген өзгериске муўапық, сыртқы (арнаўлы сыртқы) билимлендириўден күндизги билимлендириўге және сыртқы (арнаўлы сыртқы) билимлендириўдиң бир билимлендириў бағдарынан екиншисине көшириўге рухсат берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.