Қытайдың жетекши эпидемиологы Ли Ланьцзюань басшылығындағы изертлеўшилер топары (2019-nCoV) коронавирусқа қарсы гүресиўде табысқа ерискенин жәриялады, деп жазбақта «Дарё» басылымы «Корреспондент»ке тийкарланып.

Лидиң сөзлерине қарағанда, лабораториялық тәжирийбелерде абидол ҳәм дарунавирдиң (АИЖСты емлеў ҳәм алдын алыў ушын қолланылатуғын антиретровируслық дәри) араласпасы вирусты нәтийжели тоқтатыў мүмкиншилигине ийе. Сондай-ақ, усы дәрилик затлардан Чжэцзян провинциясында коронавирусты жуқтырып алған наўқасларды да емлеўде қолланылған.

Эпидемиологтың атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта вирусқа қарсы қолланылып атырған АИВқа (Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) қарсы дәрилер күтилгениндей нәтийжели емес ҳәм оның унамсыз ақыбетлери бар. Ли Миллий денсаўлықты сақлаў комиссиясына анықланған дәрилердиң комбинациясынан пайдаланыўды усыныс еткен.

Сондай-ақ, илимпаздың атап өтиўинше, коронавирусқа қарсы дәрилерден тек ғана шыпакер көрсетпеси бойынша пайдаланыў мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.